Помидор өзиниң бай қурамы себепли жүрек-қан тамыр кеселликлериниң алдын алады. Ликопинниң дәреги болған бул өним ең жақсы антиоксидант есапланады ҳәм артериал қан басымының турақласыўы, атеросклероздың раўажланыўына тосқынлық етиў ҳәм қандағы «жаман холестеринди» азайтыў қәсийетине ийе.
– помидор серотинин дәреги болып, шоколад сыяқлы адамның кейпиятын көтереди;
– элементлердиң алмасыўын нормалластырады;
– олар азыў ҳәм жаслықты сақлап қалыўға жәрдем береди;
– жүрек-қан тамырлардың ислеўин жақсылайды;
– кеселликлерге қарсы гүреседи;
– көриў қәбилетин жақсылайды.
Помидорды үзликсиз жеў тери жағдайына да унымлы тәсир етеди. Бул өним пулпасында картаноидлардың көплиги, терини кең спектрлы ултрафиолет нурлардан қорғайды.
Дилфуза Қуўанышбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги