АҚШтың 40 штаты бас прокурорлары даўасынан кейин, «Google» компаниясы 391,5 миллион АҚШ доллары муғдарында компенсация төлеўге разы болды, деп хабар береди «Associated Press» мәлимлеме агентлиги.
Дәректе, «Google» компаниясы пуқараларының «Android» қурылмалары геомағлыўматларды бақлаў ҳәм жыйнаўда айыпланғанлығы анықланған.
АҚШ Бас прокуроры даўасында компания пайдаланыўшылардың мағлыўматларын 2004-жылдан берли бақлап келген, бирақ буны тастыйқлаўшы дәлиллер келтирилмеген.
«Google» қосымшаларындағы жасырын сиясатқа бола, геомағлыўматлар узатылыўы шекленген жағдайда да компания пайдаланыўшылары бақлап барған.
Дилфуза Қуўанышбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги