«Көксарай» резиденциясында 16-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимиз басшысы жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң биринши жалпы мәжилиси болып өтти.

Илажға Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо, «Suez», «Calik Holding», «Cengiz Enerji», «Halyk Bank», «VEON Group», «TBC Bank», Абу-Даби раўажланыў фонды, «ACWA Power», «Zeppelin International AG», «EDF», «AME International», «CNH Industrial», «Youngone Corporation», «Procter & Gamble», «Mitsui», «Sojitz Generation DMCC», «KIA Motors», «General Electric», «John Deere», «Silverleafe» «Knauf», «White&Case», сыяқлы жетекши компаниялар ҳәм банклердиң басшылары, сондай-ақ, халықаралық финанс институтлары – Жәҳән банки, Халықаралық финанслық корпорация, Азия раўажланыў банки ҳәм Ислам раўажланыў банкиниң ўәкиллери қатнасты.


Сырт ел инветорлары кеңеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-ноябрьдеги қарарына муўапық шөлкемлестирилип, оның тийкарғы ўазыйпасы алдыңғы жәҳән тәжирийбеси ҳәм әмелиятларына сүйенген ҳалда Өзбекстан ҳүкиметине мәмлекетти инвестициялық, санаат-технологиялық ҳәм инновациялық раўажландырыўдың ең әҳмийетли бағдарлары бойынша мәсләҳәтлер бериўден ибарат.

Усы мәсләҳәт уйымының биринши сессиясында узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, елимизде әҳмийетли бағдарларда анық кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.


Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде глобаллық көлемдеги кризисли ҳәдийселер шараятында, өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған тығыз бирге ислесиўге болған зәрүрлик артып атырған жағдайда бүгинги мәжилис айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Кейинги жыллары Өзбекстанда кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны, миллий экономикамыздың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм оның халықаралық базарларға интеграциясы ушын зәрүр шараятлар жаратыў бул жаңаланыўлардың әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында белгилеп алынғаны  атап өтилди.



Соның ишинде, валюта базары еркинлестирилди, сырт ел инвесторларына энергетика, геология-излеў, химия ҳәм нефть химиясы, медицина ҳәм билимлендириў сыяқлы тараўларда жумыс алып барыў имканиятлары кеңейтилди.

Жеке меншик бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша революциялық қарарлар қабыл етилди. Бул тараўда еки жүзден аслам лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди. Исбилерменликтиң салық жүги қысқартылды, сырт ел инвестициялары ушын максимал дәрежеде қолайлы шараятлар жаратылмақта.


Нәтийжеде пандемия ҳәм сыртқы базарлардағы аўыр жағдайға қарамастан, экономикалық өсимниң унамлы динамикасы сақлап қалынды ҳәм даўам еттирилмекте. Кейинги 5 жылда экономикамызға кирип келген сырт ел инвестицияларының көлеми 10 есеге артып, дерлик 40 миллиард долларды қурады.

Президентимиз, бәринен бурын, санаат тараўларын модернизациялаў ҳәм трансформациялаў, өндирислик, коммуналлық ҳәм транспорт инфраструктурасын жедел раўажландырыўға және де көбирек инвестицияларды қаратыў ушын анық жойбарлар менен бағдарламалар ислеп шығылғанын көрсетип өтти.


Өзбекстан жетекшиси кеңес көлеминдеги жумыстың баслы мақсет-ўазыйпаларын және сырт ел инвесторлары менен шерикликти буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли бағдарларын белгилеп берди.

Бул, бәринен бурын, инвесторлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмиийнлеў ҳәм қорғаў кепилликлерин беккемлеў болып табылады. Усы мәниде мәмлекетимиз басшысы кеңес жанындағы Инвесторлардың ҳуқықларын қорғаў комитетин дүзиўди усыныс етти.


Өзбекстан банк-қаржы тараўындағы реформаларды тереңлестириўге умтылып, инвесторлардың бул тараўды буннан былай да жетилистириўге қаратылған басламалары ушын ашық екени атап өтилди.

Мәмлекетимиздиң экономикалық сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири – мәмлекеттиң экономикадағы үлесин азайтыў ҳәм меншиклестириўди кеңейтиў. Барлық тармақларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери енгизилмекте.


Өзбекстан тәбийғый ресурслар бағдарында үлкен имканиятларға ийе екени, оларды өзлестириўге қатнасыў ушын сырт ел инвесторларына кең шараятлар жаратылғаны атап өтилди.

«Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясы қабыл етилген ҳәм әмелге асырлмақта. Оның көлеминде мәмлекетимиздеги санластырыў процесслерине сырт елден инвестиция ҳәм технологияларды жедел тартыўға айрықша итибар қаратылмақта.


«Жасыл» экономиканы раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылмақта, қайта тикленетуғын энергия дереклери тараўында илимий-техникалық потенциалды раўажландырыў ҳәм қәнигелер таярлаў бойынша тәсиршең илажлар көрилмекте.

Өзбекстан президенти мәжилиске келген болған барлық инвестор ҳәм шериклерди атап өтилген жойбарлар менен бағдарламаларға белсене қатнасыўға шақырды.


Мәжилисте  шығып сөйлеген Кеңес ағзалары кейинги жылларда Жаңа Өзбекстандағы реформалар бағдарламасының жоқары жетискенликлерин, олардың нәтийжесинде бизнес пенен шуғылланыў ҳәм перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға қолайлы шараятлар жаратылғанын атап өтти. Инвесторлардың жумысына ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетилип атырғаны ушын мәмлекетимиз басшысына терең миннетдаршылық, буннан кейин де өз-ара пайдалы шериклик етиўге таяр екени билдирилди.

Мәжилис жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти сырт ел инвесторлары менен системалы бирге ислесиўди жолға қойыў, мәжилисте билдирилген усыныслар тийкарында анық мүддет ҳәм орынлаўшыларды көрсеткен ҳалда «жол картасы»н ислеп шығыў бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берди.


ӨзА