«Бавария»ның 19 жасар ҳүжимшиси Жамол Мусиала Германия Бундеслигасының 14-турынан орын алған «Вердер»ге (6:1) қарсы ойында гол урды.
Opta басылымы хабарына қарағанда, Мусиала Германия чемпионатында жас футболшылар арасында дәслепки 14 турда гол урыў бойынша рекордшы есапланады. Ҳәзир оның есабында 9 гол бар.
«Бавария» Бундеслигада избе-из бес ойында жеңиске еристи. Буның менен Юлиан Нагелсменн шәкиртлери ең жақын қарсыласынан төрт очкоға илгерлеп, турнирде бириншиликке ериспекте.
Мюнхенлилер гезектеги ойынды сапарда «Шалке»ге қарсы өткереди.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги