Кеше хоккей бойынша Қазақстан ашық чемпионатының гезектеги турында Ташкенттиң «Ҳумо» хоккейшилери бириншилик жетекшиси «Сарыарқа» командасы менен өз-ара ушырасты.
Қызықлы өткен ойынның тийкарғы минутларында жеңимпаз анықланбады ҳәм ушырасыў овертаймларда даўам етти. Онда қарсыласына қарағанда дәл ҳәм анық ҳәрекет еткен ташкентли хоккейшилер жеңис шайбасын урыўға миясар болды ҳәм өзи ушын қымбатлы болған 2 упайды қолға киргизди.
Бул жеңистен соң «Ҳумо» хоккейшилери өз упайлар санын 18 ге жеткерип, чемпионатта 4-орынға көтерилип алды. Ал, «Сарыарқа» болса, бул ойыннан соң дәслепки өзиниң жеңилисин тән алыўға мәжбүр болды.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.