«Олий таълим аълочиси» ҳәм «Ўрта махсус ва профессионал таълим аълочиси» көкирек белгилерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары (616-санлы, 24.10.2022 ж.) қабыл етилди.

Қарар менен, «Олий таълим аълочиси» ҳәм «Ўрта махсус ва профессионал таълим аълочиси» көкирек белгилери шөлкемлестирилди.

Көкирек белгилери менен жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў тараўында пидәкерлик пенен мийнет етип атырған, саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарында айрықша үлги көрсетип, тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған пуқаралар сыйлықланады.

Көкирек белгилери менен сыйлықлаў Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң буйрығы тийкарында әмелге асырылып, ол сыйлықланған шахсларға 1-октябрь – Муғаллим ҳәм устазлар күни алдынан тапсырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги