Эрдоған Путин менен газ орайын жаратыў бойынша келисип алғанын жәриялады. Ол, Европа Россия газинен Түркия арқалы пайдаланыўы мүмкин деп түсиндирген.
«Бүгин Европа мәмлекетлери жеделлик пенен газ сатып алыў жолларын излемекте. Түркияда болса бундай машқалалар жоқ»,-дейди Түркия президенти Режеп Таййип Эрдоған сәршемби күни Анқарада ҳүкимдар Әдалат ҳәм раўажланыў партиясы парламентлик фракциясының мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде.
Эрдоғанның сөзлерине бола, Россия жетекшиси Владимир Путин менен кейинги ушырасыўда олар газ мәселесинде бир пикирге келген.
«Путинниң өзи Европа Түркия арқалы газ сатып алыўы мүмкин екенлигин айтты»,-дейди Түркия басшысы.
Еслетип өтемиз, өткен ҳәптеде Эрдоған Энергетика министрлигине газ тармағын қурыў бойынша жумысларды баслаў ҳаққында көрсетпе берген еди. Түркия басшысы оны жаратыў усынысын Астанадағы ушырасыўда Россия президенти Владимир Путиннен алғаны белгили.
«Анадолу» агентлигине бола, орай үлкен итимал менен мәмлекеттиң арқа-батысындағы Шығыс Фракияда жайласқан болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги