Қырғызстан Қорғаныў министрлиги Коллективлик қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң «Бузылмас дослық-2022» командирлик-штаб оқыў шынығыўын бийкар етти. Бул ҳаққында «24 kg» агентлиги хабар берди.
Бул илаж 10-14-октябрь күнлери мәмлекет аймағындағы «Эдельвейс» орайында шөлкемлестирилиўи режелестирилген еди.
Шынығыўларға Армения, Россия, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан тынышлықсүйер күшлеринен ибарат контингент қатнасыўы керек еди.
Бул оқыў-шынығыўы өткен жылдан берли өткерилип киятыр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги