Қазақпараттың мағлыўматына қарағанда, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев келеси ҳәптеде бир қатар халықаралық илажларға қатнасады.
Атап айтқанда 11-12-октябрьде Қатар Әмири шейх Тәмим бен Хамад Әл Танидиң Қазақстанға мәмлекетлик сапары режелестирилген.
12-13-октябрьде Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның, 15-октябрьде Түркменстан Президенти Сердар Бердимухамедовтың мәмлекетлик сапар менен Қазақстанға барыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги