Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Қарары

«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында» ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының 9 ҳәм 15-статьяларына ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатының ҳәм Сенаты ағзасының статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 4-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты

Қ  А  Р А  Р     Е Т Е Д  И :

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2022-жыл 5-сентябрьдеги «М.Қ.Камаловты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары дизиминен шығарыў ҳаққында» ғы 1187-санлы қарары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Усы мүнәсибет пенен  Мурат Қаллибекович Камалов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары лаўазымынан босатылсын.
  2. Аманбай Тлеўбаевич Орынбаев Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары етип сайлансын.
  3. Усы Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Сенатының Баслығы  Т. Нарбаева

Ташкент қаласы,
2022-жыл 13- сентябрь,
 № СҚ-613–IV.