Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Қарары
«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында» ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының 9 ҳәм 15-статьяларына ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатының ҳәм Сенаты ағзасының статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 4-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты
Қ А Р А Р Е Т Е Д И :
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2022-жыл 5-сентябрьдеги «М.Қ.Камаловты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары дизиминен шығарыў ҳаққында» ғы 1187-санлы қарары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Усы мүнәсибет пенен Мурат Қаллибекович Камалов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары лаўазымынан босатылсын.
- Аманбай Тлеўбаевич Орынбаев Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары етип сайлансын.
- Усы Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Сенатының Баслығы Т. Нарбаева
Ташкент қаласы,
2022-жыл 13- сентябрь,
№ СҚ-613–IV.