Президент Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола 14-сентябрь күни Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин мәмлекетлик сапар менен Қазақстанға барады, деп хабар бермекте «Казинформ».
«Қазақстан ҳәм ҚХР жетекшилери Қазақстан -Қытай арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеўдиң перспективаларын додалайды. Сөйлесиўлердиң жуўмағында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў нәзерде тутылмақта», – делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги