Усы жылдың 9-10-сентябр күнлери Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында регби-7 бойынша өткерилген Өзбекстан кубогинде республикамыздың қызлар сайланды командасы жеңимпаз болды.

Жарысқа Өзбекстан ўәлаятлары, Ташкент қаласынан ҳәм бизиң республикамыздан ерлер ҳәм қызлар командасы қатнасты. Республикамыздың қызлар командасы барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерисип, Өзбекстан кубогиниң жеңимпазы болды.

-Республикамыздың командасы бесинши рет Өзбекстан кубогин қолға киргизип, елимизде теңсиз екенлигин және бир мәрте көрсетти,-дейди сайланды командамыздың бас тренери Антон Михайлов.-Бүгинги күни командамыздан 11 ойыншы Өзбекстан сайланды командасы қурамына қабыл етилген. Олар усы жылдың октябрь айында Ташкент қаласында болып өтетуғын Азия чемпионатына таярлықлар көреди.

Нөкис темир жол вокзалында жеңимпаз команданы Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги, Нөкис қаласы ҳәкимлиги, кең жәмийетшилик ўәкиллери салтанатлы жағдайда күтип алды. Спортшыларды қолға киргизген жеңиси менен қутлықлап, оларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы