Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни бир қатар сырт мәмлекетлердиң басшылары ҳәм абырайлы сиясатшылар менен телефон арқалы сөйлести.
Сырт елли бирге ислесиўшилер мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, Президентимизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм халықтың турмыс дәрежесин түп-тийкарынан көтериў, демократиялық жәмийет институтларын беккемлеў, мәмлекет экономикасын модернизациялаў ҳәм халықаралық абырайын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар ҳәм жаңаланыўлар стратегиясын әмелге асырыўда үлкен табыслар тиледи.
Өзбекстан жетекшесиниң қысқа мүддетте елимиздиң дүнья мәмлекетлери ҳәм көп тәреплеме структуралары менен шериклик дәрежесин сезилерли арттырыў, оны әмелий мазмун менен байытыўға хызмет еткен прагматикалық ҳәм жедел сыртқы сиясаты айрықша атап өтилди.
Буннан тысқары, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды, болажақ саммитлер, соның ишинде, ШБШ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм басқа да структуралардың мәжилислерине таярлық мәселелери додаланды.
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин Өзбекстан Президентимиз басшылығында экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў жолынан табыслы баратырғаны, халықаралық мәселелерде конструктивлик роль атқарып атырғанын айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, ол күни кеше Шавкат Мирзиёевти дослық ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўдеги үлкен хызметлери ушын Россияның жоқары мәмлекетлик сыйлығы – Александр Невский ордени менен сыйлықлаў ҳаққындағы пәрманға қол қойғанын хабарлады.
Сөйлесиў ўақтында Жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы көрип шығылды. Ҳүкиметлераралық дәрежеде жолға қойылған нәтийжели бирге ислесиў механизмлери шеңберинде, соның ишинде, саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң жоқары пәтин тәмийинлеў ҳәм тийкарғы кооперация жойбарларын алға қойыў мақсетинде биргеликтеги жедел жумысларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери аймақлар арасындағы нәтийжели байланыслар ҳәм алмасыўларды да қанаатланыўшылық пенен атап өтип, оларды буннан былай да кеңейтиў керек екенин атап өтти.
Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған телефон арқалы сөйлесиўде Президент Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азия регионында турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бағдарындағы исенимли ҳәрекетлерин толық қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте тастыйықлады.
Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Жоқары дәрежеде ерисилген, соның ишинде, өз-ара саўда көлемин арттырыў, энергетика, аўыл хожалығы, қурылыс тараўларында, туризм инфраструктурасын модернизациялаў бойынша инвестициялық жойбарларды ҳәм гуманитар алмасыўды жеделлестириў бағдарындағы келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан, Түркия ҳәм Әзербайжанның сыртқы ислер, саўда ҳәм транспорт министрлери дәрежесинде көп тәреплеме мәсләҳәтлесиўлерди жолға қойыў басламасының әмелий әҳмийети атап өтилди.
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған кең көлемли реформалардың турмысқа табыслы енгизилиўи турақлы өсиў кепиллиги болып хызмет ететуғынына, Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша жоқары мақсет ҳәм ўазыйпалар тез ўақытта әмелге асатуғынына исеним билдирди.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Саўда ҳәм логистика, санаат ҳәм агросанаат тараўларында кооперация жойбарларын жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди. Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳүкиметлери дәрежесинде тығыз байланысларды даўам еттириўге келисип алынды.
Буннан тысқары, регионда ири инфраструктуралық жойбарларды тез пурсатта таярлаў ҳәм әмелге асырыўды баслаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
«Жаңа Өзбекстанның қурылыўы ҳәм раўажланыўы, мәмлекетте бүгин әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар Президент Шавкат Мирзиёевтиң ҳәрекетлери менен тығыз байланыслы», деди Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров.
Сөйлесиўде болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың күн тәртибин таярлаў мәселелери додаланды.
Еки мәмлекет ҳүкиметлери саўда шәртнамалары ҳәм санаат кооперациясы келисимлериниң жаңа топламын, сондай-ақ, Өзбекстан – Қырғызстан стратегиялық шериклигиниң тийкарғы бағдарлары бойынша басқа да еки тәреплеме ҳүжжетлерди таярлаўы әҳмийетли екени атап өтилди.
Энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы ири регионаллық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан жетекшиси Қырғызстан Президентин усы жыл 20-21-июль күнлери Шолпаната қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы табыслы өткерилгени менен және бир мәрте қутлықлады.
Телефон арқалы сөйлесиўде Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан – Тәжикстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў ҳәм кеңейтиўдеги айрықша хызметлерин атап өтти.
Усы жылы 2-3-июнь күнлери Тәжикстан Президентиниң мәмлекетимизге рәсмий сапары жуўмағында ерисилген келисимлерди орынлаў бойынша «жол картасы»н өз ўақтында әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Бәринен бурын энергетика тараўындағы кооперация жойбарларын жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Усы жыл сентябрь айында өткерилетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Самарқанд саммитине таярлық мәселелери де додаланды.
Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркменстан арасында көп жыллардан берли жедел раўажланып киятырған дослық қатнасықлары соңғы ўақытлары жаңа қанаатланыўшылық пенен байығанын айрықша атап өтти. Оның пикиринше, бул Өзбекстан Президентиниң еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге қаратып атырған айрықша итибары ҳәм үлкен жеке үлеси себепли.
Усы жылы 14-15-июль күнлери Түркменстан Президенти мәмлекетимизге әмелге асырған мәмлекетлик сапарының нәтийжели жуўмақлары жоқары баҳаланды. Қабыл етилген «жол картасы» тийкарында ерисилген келисимлерди, соның ишинде, Санаат кооперациясы бойынша орта мүддетли бағдарламаны, Шегараалды саўда зонасын шөлкемлестириў жойбарын, биринши Аймақлар форумы ҳәм Исбилерменлер кеңеси жуўмағында қол қойылған саўда шәртнамалары ҳәм келисимлерин әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Нәтийжели жолға қойылған парламентлераралық сөйлесиў шеңберинде алып барылып атырған жедел байланыслар ҳәм алмасыўлар айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
«Өзбекстан раўажланып атырған, социаллық-экономикалық раўажланыў жолынан исенимли баратырған, халықаралық майданда ҳүрмет-итибарға ерискен мәмлекетке айланды. Дос Өзбекстанның табысларынан Әзербайжан Республикасы шын жүректен қуўанышлы», деди Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев.
Президентлер усы жылы 21-22-июнь күнлери мәмлекетимизде өткен жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыў ҳәм илажлардың жемисли нәтийжелерин жоқары баҳалады.
Өзбекстан – Әзербайжан сөйлесиўлери жуўмағында қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Ҳүкиметлер ҳәм уйымлар дәрежесинде жедел сөйлесиўлер ҳәм алмасыўлар даўам етип атырғаны, өз-ара товар алмасыўдың өсиў пәтлери жоқары ҳәм турақлы екени, кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша биргеликте нәтийжели жумыс алып барып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко «миллий қәўипсизликке қәўип-қәтерлер мисли көрилмеген дәрежеде болған бүгинги дәўиримизде күшли ҳәм дана басшылыққа зәрүрлик айрықша әҳмийетли болып табылады. Мәмлекет мәплерине садықлық, жуўапкершиликти өз мойнына алыўға таяр болыў Өзбекстанның ҳақыйқый жетекшисине тән пазыйлет» деп айрықша атап өтти.
Сөйлесиў ўақтында Президентлер кейинги жылларда көп қырлы Өзбекстан – Беларусь қатнасықлары жедел раўажланып, анық мазмун менен байып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өз-ара саўда көлеми артпақта, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында жуўапкерли кооперациялық жойбарлардың саны өспекте, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы алмасыўлар кеңеймекте.
Ҳүкиметлер басшылары дәрежесинде турақлы ҳәм нәтийжели сөйлесиў жолға қойылғаны жоқары баҳаланды. Машина ислеп шығарыў, агросанаат комплекси, химия, фармацевтика ҳәм электротехника тармақларында, әмелий бирге ислесиўдиң басқа да бағдарларында перспективалы жойбарлар ислеп шығылмақта.
Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко менен телефон арқалы сөйлесиўде еки мәмлекет арасында көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Тығыз ҳәм нәтийжели парламентлераралық бирге ислесиў жолға қойылғаны, бул Өзбекстан – Россия дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын избе-из беккемлеўге хызмет етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Регионаллық бирге ислесиў шеңберинде усы жылдың май айында Ашхабад қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Россияның парламентлераралық форумы табыслы өткерилди. Октябрь айында Ташкент қаласында ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының гезектеги мәжилиси болып өтеди.
Өзбекстан жетекшиси еки мәмлекет парламентлери арасында тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте тастыйықлады.
Қазақстан Республикасының Биринши Президенти Нурсултан Назарбаев мәмлекетимиз басшысы дос мәмлекетлер арасында байланысларды раўажландырыўға салмақлы үлес қосып атырғанын атап өтти.
Сөйлесиўде мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланып, Өзбекстан – Қазақстан жақын қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қантасықлары избе-из беккемленип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Региондағы жағдайдың раўажланыўы бойынша пикир алысылды. Усы жылдың 20-21-июль күнлери Қырғызстанда өткерилген Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўының жуўмақларына жоқары баҳа берилди.
* * *
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң атына абырайлы глобал шөлкемлердиң басшылары ҳәм сырт ел жетекшилеринен қутлықлаўлар келген.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткери Антониу Гутерриш атап өткениндей, «Өзбекстан Президенти басшылығында мәмлекет әҳмийетли реформалар процесин әмелге асырыў менен бир қатарда климат өзгериўи, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм регионаллық өз-ара байланыслылық бағдарында халықаралық ҳәрекетлерге үлес қоспақта».
Бас хаткер Өзбекстан БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси ағзасы сыпатында инсан ҳуқықларын алға қойыў ҳәм қорғаў бойынша өзине айрықша миннетлеме алғанын атап өтти.
«Бирлескен Миллетлер Шөлкеми буннан кейин де БМШ режесинде беккемлеп қойылған қәдириятлар менен принциплерди алға қойыўда Өзбекстан Республикасына сүйенеди» делинеди ең абырайлы глобал институт Бас хаткериниң хатында.
Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин өзиниң қутлықлаўында «Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда ҳәр түрли тараўлардағы жаңаланыўлар исенимли әмелге асырылмақта ҳәм Жаңа Өзбекстанды қурыў жумыслары кеңеймекте, буннан болса Қытай тәрепи жүдә қанаатланады» деп атап өткен.
«Усы жылы Қытай ҳәм Өзбекстан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленбекте. Отыз жыл даўамында Қытай – Өзбекстан қатнасықлары үзликсиз раўажланып, мәмлекетлер арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўге үлги болып хызмет етпекте.
Усы жыл февраль айында Пекинде нәтийжели ушырасыў өткердик ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды жаңа тарийхый реаллық шараятларында алға қойыў бойынша әҳмийетли келисимлерге еристик.
Мен Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақтаман ҳәм Сиз бенен арамыздағы беккем дослықты қәдирлеймен. Еки мәмлекет ҳәм халықтың абаданлығы жолында көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге бирликте ҳәрекет етиўге таярман», деп атап өткен Баслық Си Цзиньпин.
* * *
Төмендегилер де өз қутлықлаўларын жоллаған:
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов;
Армения Республикасы Президенти Ваагн Хачатурян;
Монголия Президенти Ухаагийн Хурэлсух;
Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлиги ҳәкими Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум;
Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин;
Россия Федерациясы Қәўипсизлик кеңеси Баслығының орынбасары Дмитрий Медведев;
Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян;
Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Сайф бин Зоид Ол Наҳаян;
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев;
Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Чжан Мин;
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Бағдад Әмреев;
Евроазия экономикалық комиссиясы коллегия баслығы Михаил Мясникович;
Түркий мәмлекетлер шөлкеми Ақсақаллар кеңесиниң баслығы Бинали Йилдирим;
Жәҳән туристлик шөлкеминиң бас хаткери Зураб Пололикашвили.
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.