Бүгинги илим ҳәм техника жоқары дәрежеде раўажланған заманда аўыл хожалығы, соныӊ ишинде, шарўашылық тараўын ҳәр тәреплеме билимли, жетик кадрларсыз көз алдымызға келтириўимиз қыйын. Сонлықтан бизиӊ елимизде соӊғы жыллары халық хожалығыныӊ барлық тараўлары сыяқлы, бул тараўдыӊ да және де раўажланыўына үлкен итибар қаратылып келинбекте.
Усындай итибардыӊ айқын бир көриниси сыпатында, Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 924–санлы қарары тийкарында, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ ашылғанлығын айтып өтсек болады.
-Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 31-марттағы арнаўлы қарары менен бул жоқары оқыў орныныӊ атамасы Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы болып өзгертилди, -дейди бизге усы оқыў орныныӊ қабыллаў комиссиясыныӊ жуўаплы хаткери Гүлмурат Хожаметов.- Институтымыздыӊ университетке айландырылыўы филиалдағы оқыў барысына, жаӊа қәнигеликлердиӊ ашылыўына тийкар жаратады. Буны мәмлекетлик буйыртпа тийкарында быйылғы жылғы оқыўға қабыллаў параметлеринде айқын көриўимизге болады. Атап айтқанда, филиалдыӊ күндизги бөлиминде жаӊадан 4, яғный, бухгалтерия есабы ҳәм аудит, зооинженерия (қаракөлшилик), ветеринария медицинасы, ветеринария фармацевтикасы, сыртқы тәлим түринде ветеринария фармацевтикасы, ветеринария санитария экспертизасы қәнигеликлери ашылды. Бул болса, шарўашылық тараўына қызығыўшы жасларға және де кеӊ имканият береди.
Әлбетте, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы жоқарыда аты аталған қәнигеликлерден тысқары, зооинженерия түрлер бойынша, зооинженерия жылқышылық ҳәм түйешилик, ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери бойынша қәнигеликлерине абитурентлерден ҳүжжетлер қабыллайды.
Соныӊ менен бирге филиалда, бакалавриат тәлим бағдарын тамамлаған, илимге қызығыўшы жаслар ушын быйылғы жылдан баслап, жәми 4, яғный, биотехнология (өним түрлери бойынша), шарўашылық, нәсилшилик, ҳайўанлардыӊ паразитар ҳәм жуқпалы кеселликлери қәнигеликлери бойынша магистратура бөлими ашылған. Бул болса, республика ҳүкимети тәрепинен қарақалпақстанлы жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлардыӊ және айқын көриниси болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги