Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров

туўылғанына 70 жыл

Егер меннен «Сизди әдебий жәмийетшиликке аз ба, көп пе, танытқан биринши мақалаңыз қайсы?» деп қалыс түрде сораса, ҳеш екиленбестен өткен әсирдиң тоқсаныншы жылларының орталарында уллы устазымыз Ибрайым Юсупов пенен «Түркстан» газетасында басылған сәўбетим, деп жуўап берген болар едим. Сол ўақытлары белгили публицист, кейин ала Қарақалпақстан халық жазыўшысы атағын алған Шарап Уснатдинов «Тыныш жүрсең болмайма, иним, Ибрайым аға бизлер-он нөкисли қәлем ийесин руўхыйлық орайы (мәнаўият орайы – автор билдириўи)ндағы кабинетине шақырып, сәўбетиңди басынан ақырына шекем оқып берди. Индеместен тыңладық. Бирақ сәўбет зор болыпты. Әсиресе, устаздың суўық кинотеатрларда жыллы жүрегимиз бенен кино көретуғын едик, дегени маған унады!» деп ҳәзиллескен еди. Мен сол ўақыяны өзимниң сәўбетимди еске алыў ушын еслеп атырғаным жоқ. Гәп сонда, сәўбетти жазып алыў ушын барғанымда қолымда 1990-жылы Нөкисте, «Қарақалпақстан» баспасында  3000 нусқада басылған 416 бетлик «Үш тамыр» яғный «Уч илдиз» атлы китабы бар еди. Онда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Ташаўыз ўәлаятларынан 91 дөретиўшиниң көркем шығармалары жәмленген, жәми 38 қарақалпақстанлы дөретиўшиниң қосық, гүрриңлери берилген еди. Мен устаздан «Үш тамыр»да Жолмырза аға, Тилеўберген аға, Хожабек Сейтовлардың шығармалары бар екен, Сизики жоқ десем, «Китап таярланғанында Переделкинода дөретиўшилик еттим. Шыңғыстың «дача»сында дем алдық!» деди ҳәм сол китапты қолына алып бетин ашып қарады және «Мине, қыссахан, сөз зергери Халиланың қосықлары бар-ғой!» деп күлимсиреди. Устаздың күлимсиреўи айрықша көриниске ийе еди. Бундай әжайып күлимсиреў Нөкиске келгенинде белгили башқурт жазыўшысы, Ленин сыйлығының лауреаты (бизде бул сыйлыққа тек ғана академик Ғафур Ғулам қайтыс болғанынан кейин ылайық көрилген еди), Мийнет Қаҳарманы Мустай Кәримде бар еди. Өмири узақ болсын, мине, усындай зийрек ҳәм ақыл-парасатлы күлимсиреўди жыллар өткеннен соң дәўиримиздиң шебер шайырына айланған әзиз ағам, әжайып дөретиўши, Халық шайыры, белгили публицист, тәжирийбели редактор, Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист, «Әмиўдәрья» журналының Бас редакторы, ең тийкарғысы, кишипейил  заманласым Халила аға Дәўлетназаровта көрип киятырман.

Есимде: Ташкентте, Ә.Наўайы атындағы академиялық опера ҳәм балет театрында Қарақалпақ әдебияты ҳәм көркем өнери әнжуманы болып атыр еди. Сахнаға сулыў, бүлбил ҳаўазлы қызымыз Мырзагүл Сапаева (бир неше күн ишинде «Өзбекстан халық артисти» атағы ийесине айланады) шығып, жипектей шайда, тынық, бирақ ширели даўыста атқара баслады:

Гия болып көгерип,

Зия болып толаман,

Топырағы зер, теберик,

Түркистаннан боламан,

Дүнья бизден сорасаң,

Өзбекстан Ўатаным!

Қосықты берилип тыңлап атырған шайыр ағам Азим Суюн меннен «Қосықты я Ҳикметулла, я Халила жазған. Дурыс па?» деп сорады. Халила екенлигин айтқанымда «Халила-кең дәрья. Жайылып, жайылып ағатуғын дәрья!» деди заўықланып. Бул мойынлаўдан қуўанып, «Дүрмен» дөретиўшилик үйинде белгили жазыўшы, өзбек, қарақалпақ, қазақ, қырғыз әдебиятларының алтын көпири болған әзиз устазымыз Насыр Фазылов пенен гүрриңлесип отырғанымызда биз тәрепке Халила ағам келе баслады. «Ҳәзирги қарақалпақ әдебиятының имараты жүдә беккем. Бурын оны төрт үстин – Жолмырза, Тилеўберген, Ибрайым, Төлек услап турса, бүгин Оразбай, Кеңесбай, Муратбай услап атыр. Төртинши үстинге бирден еки күшли шайыр – Әбилқасым ҳәм Халила күш берип тур!» деген еди. Устаздан асырып сөз айтып болмайды. Айырым ўақытлары оның Саид Аҳмад ағадай «төзимли» сөз шеберине бәс келгенин көргенмен.

Қарақалпақ әдебиятына өткен әсирдиң соңғы шерегинде «Хат» атлы кишкене ғана китапшасы менен кирип келген киши ағыс Халила Даўлетназаров бүгин Кеңесбай Каримов, Ҳикметулла Айымбетов, Әбилқасым Өтепбергенов, Шарапатдин Аяпов сыяқлы салланып ағып атырған кең дәрьяға айланды. Дәслепки китапларының «Сен маған керексең», «Сен әжайып қызсаң», «Ашық болмаған ким бар?» деп аталыўының өзи айрықша көриниске ийе. «Анама хат», «Бүлбил зибаны» шығармалары ҳақыйқый поэтикалық көриниске ийе болса, шайыр өзиниң данышпанлық мәўсимине келип «Ийесиз журт» дәстанын жазды. Атамасынан парықлы түрде шығарма пессимистлик руўхқа ийе емес. Лирикалық қаҳарман өтмиш еслеўлери арқалы тек ғана қайғылы мәўсимлерди еслемейди. Керисинше машақатлы мәнзиллери арқалы инсан феноменин излейди:

Аўылымыз қәдимги аўыл,

Сағындырған ысық жамалы.

Парақлаўда кеўлим дәптерин,

Өткен күнниң жипек самалы.

Жумсақ жел етегинде сол мәнзилге барған лирикалық қаҳарманның нәзери ески, сынық арбаға түседи. Ҳәм сол «арбаны сатып алған ўақтында нәрестедей болып қуўанған» ийесин еслейди. Арба ийесиз қалғаннан соң, оны «гүл екпеген, бирақ айдай қызларын гүлден сулыў етип өсирген ана» тартыўға мәжбүр болады.

Кегейли – Садық шайыр Нурымбетов, Тажетдин шайыр Сейтжанов, Улмамбет шайыр Хожаназаров, Кеңесбай шайыр Рахмановлардың киндик қаны тамған жер. Қарақалпақ поэзиясының үлкен-киши байтереклери- Төлепберген Қайыпбергенов, Камал Мамбетов, Оразбай Абдирахманов, Муратбай Нызановлар да усы елде кәмалға келген. Халила Даўлетназаров Садық шайыр ҳәм Аббаз ата Дабыловтың тынық булақларынан суў ишти. Абдулла Тоқай, Ғафур Ғулам, Әбдилда Тәжибаев, Алы Тоқамбаевлардың шеберлик мектеплеринен ғайыбана, яғный, ең сайланды китаплары арқалы сабақ алды. Әдебияттаныў илиминиң пирлери Қаллы Айымбетов, Матёқуб Қосжанов, Муҳаммаджан Қаратаев, Сражаддин Аҳметовлардың монографияларын қунт пенен үйренди. Бара-бара шайырда тек ғана әзиз устазлары Тилеўберген Жумамуратов, Ибрайым Юсупов, Халмурат Сапаров емес, ал Абдулла Арипов, Жубан Молдағалиев, Бахтияр Ваҳобзада, Мөмин Қанааттай үлкен сөз шеберлериниң леби сезиле баслады:

Шахмақтың өмири оғыры қысқа,

Жақсы нәрселерде аз болар нусқа,

Палапан таң емес ҳеш шымшық қусқа,

Нәсилди үйрениў керек Бүркиттен.

Өзиниң даўысы, өзиниң сазына ийе шайырдың «Бизди аўыр жағдайға салмағайсаң», «Дүньяны балаларға тапсырыў керек», «Ўатан тәшўиши», «Бул халық ушын», «Дәртли теңиз ҳаққында матам», «Батырлар», «Әжинияз наласы», «Тереклер», «Қарақалпақтың» сыяқлы қосықларынан болса бир тәрептен өз устазлары Мәтен Сейниязов, Толыбай Қабулов, Төлепберген Мәтмуратов, Теңелбай Сарсенбаев, Әскербай Әжиниязов поэзиясының тәсири болған болса, екинши тәрептен Евгений Евтушенко, Аман Матжан, Туманбай Молдағалиевлерге эстетикалық жақынлық көринди.

Шекпени жетпесе жетпес дизине,

Ҳешкимди тик бақтырмайды өзине,

Шөп емес, сөз ерер бирақ изине,

Кеўили бийғубар Қарақалпақтың.

Бир ўақытлары Ибрайым устаз шайырды бийкарға сөз зергери деп атамаған еди. Бир ғана усы қосықтағы «Қызылқумның алақаны», «Қылышы-дурыс сөз», «қалқаны-ҳақлық», «қанжары қыл жалаған», «қус қанаты талған шөл», «жипке дизбес гинаны», «гүл төселген жер» сыяқлы онлаған оригинал метафоралар, тыйық тиймеген теңеўлер Халила Даўлетназаровтың ҳақыйқый халық шайыры, Күнхожа, Әжинияз, Бердақ шайырлар мектебиниң шәкирти екенин дәлиллейди. Ол тек ғана үш данышпан бабасы емес, ал алты әсир алдынғы Мүйтен шайыр, Соппаслы сыпыра жыраўлардан үлги алады. «Мен усы Қаратаў болып елимди өзимниң көкирегиме бассам еди!» дейди данышпанлық пенен. Ол уллы халықты сыпатлаў менен бирге мәңгүр адамларға «Эй, нашүкир бенде!» Неге өзиң шыққан нәўшеге балта урмақтасаң?» деп айтады. «Биз ҳеш кимнен кем болмағаймыз» деген қосығының леймотиви заманымыздың Зульфия, Назым, Ҳикмет, Пабло Неруда, Самед Вурғун, Эдуардас Межелайтис, Егише Чаренц сыяқлы алдыңғы сөз зергерлериниң симфониясына қосылады. Белгили шайыр «Назлымхан сулыў» қосығында өз халқының бир неше мың жыллық тарийхына мүрәжат етеди. «Дуз» қосығындағы «Қымызды ким ишпес, ким айтпас қызды, Сөз жибите баслар дилдеги музды» деген қатарлар лириканың гөззал үлгилери болса, Туран жериниң экологиялық машқалаларына бағышланған қосықларында Керим Қурбаннапесов, Роберт Рождественский, Фазу Алиева, Омар Султановларға уқсаслық сезиледи. Шайыр, әсиресе, белгили заманласлары Рауф Парфи ҳәм Николай Рубцовтың драматикалық бағдардағы, өз аға-инилери – Шавкат Раҳмон, Усман Азим, Азим Суюн, Турсун Али, Муҳаммад Юсуф, Сирожиддин Саййид, Иқбал Мырзалардың лиро-эпикалық ырғақтағы халықшыл шақырықларына исенимли қосылады. Ҳәзирги күнде қарақалпақ дөретиўшилгиниң жүзин белгилеп турған Набийра Төрешова, Кеңесбай Реймов, Бахтияр Генжемуратов, Сағынбай Ибрагимов, Гүлистан Даўлетова, Патийма Мырзабаева, Гүлнара Нурлепесовалар менен бир дәрьядан суў ишеди, бир халықтың әрманларын билдиреди, заманның жүрек дүрсилине тән қатарлар жаратады. «Жолбарыслар жасаған жерде» қосығы бул жуўмағымызға айқын дәлил бола алады. Өз гезегинде автор «Шайырман деп айтыў оғада қыйын» дейди жасырмастан. Шайыр бир неше дәстанлар жазды. Бул ҳаққында белгили әдебияттаныўшылар жыллы сөз айтты. Әсиресе «Ҳәсирет ҳәўири» дәстанында урыс темасы жүдә қыйыншылық пенен ашып бериледи. «Өлимди биймезгил шақырыў зәрүр ме?» деп шақырық таслайды поэманың қаҳарманы.

Шайырдың ҳәр бир дөретпесинен сөз зергериниң әжайып шеберлигин көре аламыз.

Янгибай ҚЎЧҚОРОВ,

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги