Кеше Наманган қаласында футбол бойынша Азия кубоги—2023 таӊлап алыў басқышыныӊ еӊ соӊғы туры болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланды командасы таиландлы футболшылар менен ушырасып, 8-минутта Жалолиддин Машарипов, 23-минутта Азизбек Турғунбоевлардыӊ голлары есабынан 2:0 есабында жеӊиске еристи.
Бул топардағы екинши ушырасыўда болса, Мальдив атаўлары Шри-Ланка үстинен жеӊиске ерисиўге миясар болды.
Солай етип Өзбекстан сайланды командасы өз топарында барлық қарсыласларын жеӊип шығып, 2023-жылы өткерилетуғын Азия чемпионатына жолламаны қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы