16-февраль күни Тахтакөпир районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Кураш федерациясы шөлкемлестириўинде Өзбекистан Республикасының биринши Президенти Ислам Кәримовтың 80 жыллығына ҳәм 2018-жыл «Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» мүнәсибети менен 2002-2003-жыллары туўылған ҳәм оннан киши жаста туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында спорттың Кураш түри бойынша ашық бириншилик өткерилди.
Жарысқа Кегейли, Шымбай, Қараөзек районларының спорт мектеплери тәрбияланыўшыларынан 140 жас палўанлар қатнасып, гилемде өз-ара күш сынасады.
Жарыста спортшылар 9 салмақ категориясы бойынша беллести.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында 29кг салмақта Айдос Байназаров (Шымбай районы), 35кг салмақта Алпамыс Жаббарбергенов (Тахтакөпир районы), 38кг салмақта Аллаяр Муратов (Қараөзек районы), 42кг салмақта Азат Оразбаев (Тахтакөпир районы), 46кг салмақта Исламбек Нуратдинов ҳәм +46кг салмақта Қудаяр Аметов (Тахтакөпир районы), 40кг салмақта Улдана Сайымбетова (Тахтакөпир районы), +48кг салмақта Меҳрий Қыдырбаева (Қараөзек районы)лар биринши орын жеңимпазлары деп табылды.
Улыўма командалық есапта Тахтакөпир районы 1-орын, Қараөзек районы 2-орын, Шымбай районы сыйлы 3-орынды ийеледи.
Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилиер тәрепинен таярланған медаль ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги