Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында кураш бойынша 2005-2006-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан Республикасы чемпионаты болып өтти.

Бул жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан 600 ге шамалас спортшы қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы ағзаларынан Нөкис қаласынан Шахсанем Аманиязова 70 килограмм салмақта екинши,  Айгүл Әдилбаева 70 килограммнан аўыр  салмақта үшинши,  Азада Медетбаева 63 килограмм салмақта үшинши, Әмиўдәрья районынан Закиржан Балтабаев 50 килограмм салмақта үшинши орынларды ийеледи.

Бул спортшыларды жарысқа тренерлер Әзиз Генжебаев, Шыңғыс Бийимбетов ҳәм Зулходжа Худаяровалар таярлады.

 

Султанбек ҚЫДЫРБАЕВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги