Усы жыл 16-майдан берли республикамызда пуқаралар жыйынларының баслықларын (ақсақалларын) сайлаў даўам етпекте.
Сайлаўларға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2022-жыл 16-март күнги «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық пухта таярлықлар көрилип, қала ҳәм районларда пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаўды өткериў ушын зәрүр муғдарда даўыс бериў кабиналары, қутылар ҳәм керекли әнжамлар менен тәмийинлеў илажлары көрилди. Сайлаў ҳаққындағы тийисли нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин мәҳәллелерде түсиндириў мақсетинде тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте халық арасында үгит-нәсият илажлары өткерилди.
Бүгинги күнге келип республикамызда 424 пуқаралар жыйынларының 328 (77,4 процент)инде сайлаў өткерилди. Усы сайлаўларға пуқаралар жыйынларынан 81 мыңнан аслам сайлаўшы ўәкил қатнасып, 328 пуқаралар жыйынларының баслықлары толық сайланды.
Соның ишинде, Қараөзек районында 13, Бозатаў районында 5, Мойнақ районында 12, Нөкис районында 10, Тақыятас районында 13 пуқаралар жыйынларының баслықлары сайланып, бул районлардағы сайлаў илажлары толық жуўмақланды.
Сайлаўлар усы жыл 30-май күнине шекем өткерилиўи режелестирилген болып, усы сайлаўларда жәми 424 пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары) сайланыўы күтилмекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги