Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қытай Халық Республикасы Ҳүкимети арасында Техникалық-экономикалық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәресими болып өтти.
Ҳүжжетке Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Воитов ҳәм Қытай Халық Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Цзян Янь тәрепинен қол қойылды.
Келисим Қытай Халық Республикасы тәрепинен Өзбекстан Республикасында социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ушын 250 миллион юань (37,5 миллион доллар) муғдарында бийғәрез жәрдем көрсетиўди нәзерде тутады.
Бүгинги күнге шекем еки мәмлекет арасындағы техникалық-экономикалық бирге ислесиў шеңберинде денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, аўыл хожалығы, мәденият, транспорт ҳәм басқа да тараўларда жойбарлар әмелге асырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги