Қарақалпақ мәмлекетлик университетине 45 жыл

 Тарийхта ҳәр қандай ийгиликли ислердиң әмелге асыўында өз искерлиги менен танылған жеке адамлардың хызмети де айрықша орын ийелейди. Отыз еки жасынан баслап Республикамыздың ҳүкимет басшысы лаўазымында ислеген Қ.Камаловтың 1963-1984-жыллары Қарақалпақстан обкомының биринши секретары лаўазымында ислеген дәўири Қарақалпақстан халқының экономикалық-социаллық ҳәм мәдений раўажланыўы жағынан жаңа табысларға ерискен дәўири болды.Қәллибек Камаловтың республиканы басқарған дәўириндеги салмақлы хызмети халық хожалығы, экономика, санаат ҳәм қурылыс тараўларында ғана емес, билимлендириў илим ҳәм мәденият тараўында да жаңа табыслар әмелге асырылды.  Қәллибек Камалов республикамызда халық хожалығын заманагөй агротехникалық усылларда раўажландырыў ушын жоқары билимге ийе қәнигели кадрлардың зәрүр екенин, жоқары ҳүкимет орынларының алдына тийкарлап берип, 1966-1967 жыллардан баслап, педагогикалық институт базасында Университет ашыў исине белсене киристи.Бул мәселеде Қ.Камаловтың Ш.Рашидовтың қуўатлаўына ерисиўи Москвадағы бир неше лаўазымлы адамлар менен ушырасыўы ҳәм бес жыл даўамында мәселени шешиўдеги табанлылығы аўқам партия орайлық комитетиниң сиясий бюросының тоғыз ағзасы менен сөйлесип, оларды көндиргенлиги өз халқына деген қалыс, пидайы хызметтиң үлгиси болды.1974-жылы 26-февральда университеттиң ашылыўы ҳаққында қарар қабыл етилгеннен кейин, сол жылдың декабрь айында Қ.Камалов сол ўақыттағы Бурынғы аўқам Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим бериў министри Вячеслав Петрович Елютинниң қабыллаўында университет қурамында жаңа қәнигеликлер ашыў ҳәм оларда оқытылатуғын материаллық-техникалық базаларының жағдайларын дәлиллеп бериў мәселесинде Тәжен Изимбетов пенен бирге он биринши рет  кириўин еске алады.

Усындай қыйыншылықларменен ашылған университетти Орай жиберген ўәкил, Қақимбек Салыков Қарақалпақстанды басқарып турған дәўирде 1989-жылы Обкомның пленумында “Қарақалпақстанға  университеттиң не кереги бар? Оған юридический  факультеттиң   не  кереги  бар?  Қарақалпақстанда муғаллимлер жетиспейди, институт керек” деп университетти жабыў ушын усыныс билдириўди даўысқа қойып атырған бир ўақытта талантлы искер басшы Султамурат Қаниязов ҳәм областлық партия комитетиниң екинши секретары Дмитрий Дмитриевич Берковлардың табанлылық пенен қарсы турыўына қарамастан, областлық партия комитетиниң секретары Қақимбек Салықов Бурынғы аўкам халық билимлендириўи бойынша мәмлекетлик комитеттиң коллегиясына “Қарақалпақстанның социал-экономикалык раўажланыў дәрежеси төмен, Республикаға университеттиң кереги жоқ, ҳәзир тек ғана педагогикалық  кадрлар  менен  тәмийинлесек жеткиликли…Университетти тарқатып, педагогикалық институтқа айландырыўымыз зәрүр. Усы мәселелерди шешиў ушын университетке компетентли аттестация өткериўиңизди өтиниш етемиз”  деген мазмунда хат жоллайды. Бундай қыйратыўшылық ҳәрекет ҳәм нийетлердиң жоққа шығыўына ҳәм университеттиң сақланып қалыўына сол ўақыттағы университет ректоры Қуўанышбай Өтениязовтың табан тиреп дәлиллеген жуўаплары үлкен әҳмийетке ийе болады. Бүгинги күни өзиниң 45 жыллық тарийхына ийе Қарақалпақ мәмлекетлик университети Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынлары арасында ең абройлы билимлендириў орайына айланды.

Қарақалпақстанда университет ашылғаннан кейин, биринши ректоры талантлы алым, медицина илимлериниң докторы, академик, сол ўақыттағы Денсаўлықты сақлаў министри Чаржоу Абдиров сайланды. Оқыў ислери бойынша проректоры етип профессор Тәжен Изимбетов тайынланды. Академик Чаржаў Абдиров (1933-1997) 1976-1985 жыллары Нөкис мәмлекетлик университетиниң биринши ректоры болып ислеген жылларында  талантлы алым ҳәм уқыплы шөлкемлестириўши екенин дәлийлледи. 1980-1982  жыллары 3745 квадрат метр көлемге ийе заманагөй студентлер сарайы, 250 орынлық асхана, 1984-жылы 2243 квадрат метр көлемге ийе спорт сарайы питкерилди. 1981-84-жыллары 4526 квадрат метр көлемге ийе аўыл хожалығы ҳәм экономика факультетлериниң имараты питкерилип, 1020 орынға  ийе студентлер жатақханасы, 100 орынлық санаторий-профилакторий қурылып пайдаланыўға берилди.

1985-1986 жыллары Нөкис мәмлекетлик университетиниң ректоры болып ӨзИА академиги Марат Көптилеўович Нурмуҳамедов иследи. Қарақалпақстаннан  өз таланты менен жетилисип шыққан биринши академик Марат  Нурмуҳаммедов илимий дөретиўшилигинде тек қарақалпақ миллетин ғана емес, ал түркий тиллес халықларды дүньяға танытыў жолында өзбек, қарақалпақ, рус, венгер, инглис, түрк тиллеринде илимий мийнетлерин жәриялады.Рус – қарақалпақ мәдений ҳәм әдебий байланысларын изертлеўдиң тийкарын салды. 1986-1988 – жыллары университет ректоры Камал Мамбетов (1940-2001) Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлери докторы  профессор ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы болыўы менен, әдебият пәни бойынша жоқары оқыў орынлары ҳәм орта мектеплерге арналған бағдарламалар ҳәм сабақлықларды баспадан шығарды.Камал Мамбетов еки мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты болып сайланып, халқымыздың исенимине ерискен жәмийетлик искер сыпатында көзге түсти.

Қуўанышбай Өтениязов (1941-2010) химия илимлериниң докторы профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери 1988-жылдан баслап  университет профессор – оқытыўшылары  жәмәәти қатнасыўында  демократиялық сайлаў жолы менен сайланып, 2005-жылдың май айына шекем университет ректоры лаўазымында иследи. Бул жылларда университеттиң материаллық-техникалық базасы беккемленип, жаңадан  қәнигелик ҳәм факультетлер ашылып, жас илим докторлары менен толысып, халық аралық дәрежеде илимий байланыслар әмелге асырылды. Мәселен, 1990-1991 оқыў жылында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, министрлигиниң қарары менен Қарақалпақстандағы экологиялық жағдайларды  есапқа алып, педиатр-врач кадрларды жетилистириў мақсетинде Нөкис мәмлекетлик университети қурамында медицина факультети ашылды.2001-жылдан баслап бир неше қәнигеликлер бойынша фундаментал ҳәм әмелий билим беретуғын магистратура басқышы шөлкемлестирилди. Университет көлеминдеги барлық компьютерлер интернет тармағына қосылды.Университет  профессор-оқытыўшыларының дүньяның раўажланған мәмлекетлериниң илимий жетискенликлерин үйрениў ҳәм студентлерге заманагөй билим бериўди жетилистириў мақсетинде халық аралық бирге ислесиў бөлими ашылды.1999-жылы «Устаз» фондының ҚМУ филиалы шөлкемлестирилип бир неше профессор – оқытыўшылар шет еллерге барып тәжирийбе алмасып қайтты.Университет жанында Бердақ музейиниң ашылыўы республикамыз халқы ҳәм студентлер жәмәәти ушын тарийхый, мәдений ҳәм әдебий мийрасларымызды қайта тиклеўге хызмет ететуғын миллетимиздиң қәдирият мәсканы болды.

Қуўанышбай Өтениязов ректор болып ислеген жылларда Ташкент, Москва, Санкт-Петербург,  Киев қалаларына докторантураға жиберилген жас илимий кадрлар илим докторлары дәрежесине ийе болып, университет проректоры лаўазымында ислеп, бүгинги күни Өзбекстан ҳәм Карақалпақстан Республикасы көлеминдеги мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искер сыпатында халқымызға хызмет етип атырған шәкиртлер таярлады.

2005-2013-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры лаўазымында биология илимлериниң докторы, профессор Азат Матчанов иследи. Бул жыллар ишинде университетти  12 факультет, 2  бөлим (арнаўлы сыртқы бөлим, магистратура) ҳәм 40 кафедра жумыс алып барды.2005-жылы студентлердиң турар жайын жақсылаў мақсетинде 1-санлы студентлер үйинде 215 орынлық ҳәм 2- санлы студентлер үйинде 192 орынлық студентлер турар жайында капитал ремонтлаў жумыслары исленди.Бул  жылларда университет профессор-оқытыўшылары ҒМДА мәмлекетлери, Германия,  АҚШ,  Қубла Корея  мәмлекетлери менен илимий байланыслар орнатқан болса, Азат  Матчанов Канада, Туркия, Голландия ҳәм Австрия мәмлекетлеринде  илимий сапарда барды. 2007-жыл ноябрьден баслап миллий идея ҳәм идеология илимий-әмелий орайының таяныш бөлими шөлкемлестирилди.

2008-жылдың декабрь айынан баслап, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Хабаршысы» журналының биринши саны қарақалпақ, өзбек, рус, инглис тиллеринде 60/84 форматта офсет усылында Ташкент қаласындағы «Нисо полиграф» баспаханасында 20 баспа табақ көлеминде 1000 (мың) данада басылып шықты. Ҳәзирги ўақытта бул журнал тарийх, философия, филология, юридика, педагогика, психология, экономика, сиясаттаныў, ислам таныў қәнигеликлери бойынша Өзбекстан Республикасы, Жоқары Аттестациясы комиссиясы дизиминен өткен.

2008-жылы «Финанс иси», «Автомобиль жоллары  ҳәм аэдромлар», «Биохимия ҳәм топырақты эрозиядан қорғаў», 2009-жылы «Нефть ҳәм нефть-газди қайта ислеў технологиялары»,  2010 -2011- оқыў жылында «Агрохимия ҳәм топырақтаныў» бакалавр тәлим бағдары ашылған болса, бул жыллар ишинде, «физикалық география», «ландшафтлар геофизикасы ҳәм геохимиясы»,  «Археология», «Экологиялық экспертиза», «Микробиология» қәнигеликлери бойынша магистратура ашылды.

2013-2017 – жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры  лаўазымында биология илимлериниң докторы Муратбай Жуманов  иследи. Бул жылларда университеттиң оқыў корпусларын қайта реконструкциялаўға айрықша дыққат аўдарылды.Университет республикамыздағы жоқары оқыў орынлары қатарында қайта оңлаў ҳәм реконструкциялаў бойынша бағдарламасына киргизилип, 2014-жылы усы мақсетте 13 миллиард 150 миллион сўм муғдарында қаржы ажыратылды ҳәм оның төрт оқыў бинасында ири оңлаў жумыслары алып барылып, ең заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.2015 – жылы  университеттиң  ири оңлаў жумыслары ушын  12 миллиард  сумнан аслам  қаржы ажыратылып,  2016-жылдың январь айынан баслап университет студентлери усы қайта реконструкцияланған имаратлардың заманагөй аудиторияларында оқый баслады.2016-жылы университеттиң 3-4 оқыў имаратын, мәлимлеме-ресурс орайын, 1-2-санлы студентлер турақ жайларында ири оңлаў жумыслары алып барылып, сондай-ақ, 24х42 м кв  өлшемдеги «Спорт комплексин жаңадан қурыў жумыслары мәнзилли бағдарламаға киргизилди.Университетимизде соңғы жылларда тәлимди тәрбия менен байланыслы түрде алып барыўда университет ректоры М.Жуманов тәрепинен «Ҳүрлиман» ансамбли ағзаларының материаллық-техникалық базасын тәмийинлеўде әҳмийетли илажлар әмелге асырылды. 2013-жылы «Ҳүрлиман» ансамблиниң костюм-кийимлерин заманагөй талап дәрежесинде таярлаўда ерлер аяқ ойыны ушын 20 костюм тиктирилип, оған 10 миллион 161 мың 900 сўм жумсалған болса, қызлар костюмы ушын 8 миллион 800 сўм қаржы жумсалды.  Жәми 2016-жылдың өзинде 35 миллион сўмлык  қызлар ҳәм жигитлер костюмы жаңадан таярланады. Және де 2016-жылғы  КВН бағдарламасы ушын 650 мың сўмлық 6 дана ер хам қызларға арналган театр костюмлери таярланды. Бул көрсеткишлер университет ректоратының  билимди тәлим-тәрбия менен ажыралмас байланыста алып барыўға, миллий көркем өнеримизди қәстерлеўге  ҳәм оны дүнья халықларына танытыўға  қаратылған ийгиликли  хызмети болып табылады.

2017-жыл июнь айынан баслап университет ректоры техника илимлериниң докторы профессор Ахмет  Реймов ислеп атыр.  А.Реймов басшылық етип  атырған  дәўирде де  көп  жетискенликлерге ерисилди.Мәселен: университет ашылғаннан кейин 10 жыл ишинде 20 дан  аслам қәнигелик бойынша ҳәр жылы 6 мыңнан аслам студент билим алған болса, бул көрсеткиш соңғы төрт жыл ишинде дәўир талабына сай жаңа қәнигеликлердиң ашылыўы менен төмендегише жетискенликлерге еристи. 2017-2018 оқыў  жылында университетте 49 бакалавр тәлим бағдары ҳәм 22 магистратура қәнигеликлери таярланған болса, бул көрсеткиш 2020-2021 оқыў жылына келип бакалавр тәлим бағдарларының саны 65 ке, ал магистратура қәнигеликлериниң саны 50 ге жетип, жаңадан 16 бакалавр тәлим бағдарлары, сыртқы бөлиминде 15 бакалавр тәлим бағдарлары, 5 кешки тәлим ҳәм 28 магистратура қәнигеликлери  жаңадан ашылды. Соңғы үш жылда студентлер контингенти бакалавр тәлим бағдарында 8621 ден  12295 ке, магистратура қәнигеликлеринде 130 дан, 336 ға жетти. Буннан тысқары 2019-2020 оқыў жылы бәҳәрги семестринде 3190 студенттиң қоңсы мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынларынан усы университетке келип оқыўын даўам еттириўине мүмкиншилик жаратылды.

Ҳәзирги күнде 700 ден аслам профессор оқытыўшылар мийнет етип, соның ишинде 25 илим докторы ҳәм профессорлар, 218 илим кандидаты  ҳәм  философия  докторлары  (Phd)  ҳәм доцентлер  тәлим  тәрбия  береди.  Университеттиң  профессор  оқытыўшылары  тәрепинен   соңғы   үш  (2017-2020) жылда Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм Орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң тийисли руҳсатнамасы менен 107 сабақлық ҳәм 270 тен артық оқыў-методикалық қолланбалар таярланған. 2019 – жылдың өзинде университет профессор оқытыўшылары тәрепинен 28 илимий мақала Scopus халықаралық илимий мағлыўматлар базасында жәрияланған болса, 2020 – жылы бул көрсеткиш 30 ға  жеткизилди.  2020-2021 оқыў жылында 1-курслар есабынан студентлер санының 20 000 ға жетиўи, 2017-2018  оқыў  жылына салыстырғанда 2 есеге, ал  2018-2019  оқыў жылына салыстырғанда 23 % ке өскенин көремиз. Бүгинги жасларға заманагөй билим бериўде барлық компьютерлер интернет тармағына 100%  жалғанған болып, интернеттиң тезлиги 100 Мбит/С ти қурайды.

Халықаралық бирге ислесиў тараўында  университетимиз усы күнге шекем Россия Федерациясы, Қазақстан, Қырғызстан, Беларуссия, Украина, Португалия, Польша, Словакия, Италия, Испания, Венгрия, Австрия, Германия, Қубла Корея, Азербайжан, Қытай Халық Республикасы ҳәм Уллыбританияның 55 жоқары орны ҳәм илимий изертлеў институтлары менен бирге ислесиў шәртнамаларын ҳәм меморандумларын рәсмийлестирилген.

Бүгинги күни университетимизде илимий дәрежеге ийе профессор оқытыўшыларды жетилистириўде 6 қәнигелестирилген илимий кеңеслер: Органикалық затлар ҳәм олардың тийкарғы материаллық технологиялары (техника илимлери бойынша), зоология (биология илимлери), өзбекстан тарийхы (тарийх илимлери), аўыл хожалығы экономикасы, хызмет көрсетиў тармақлары экономикасы (экономика  илимлери)  қарақалпақ тили, фольклор таныў, қарақалпақ әдебияты (филология илимлери) бойынша, конституциялық ҳуқық, административлик ҳуқық, финанс ҳәм бажыхана ҳуқықы (юридика илимлери) бойынша жас илим докторларының таярланыўына өз үлесин қосып атыр.

Ҳәзирги ўаққытта университетте 16 факультет болып, олардың  қурамындағы  51 кафедраларда жәми 750 ден  профессор – оқытыўшылар илимий- педагогикалық жумысларын даўам етип атыр. Олардан 27  илим докторлары (DSc)   ҳәм профессорлар, 246 илим кандидатлары ҳәм философия  докторлары (PhD), университет  бойынша илимий дәрежелилик 2021-жылдың 31- мартқа шекем 35,5 пайызды қурайды.Илим докторларының орташа жасы 56 жас, илим кандидатларының   орташа  жасы 51 жасты қурайды.Жәми илимий дәрежеге ийе  болғанлардың орташа жасы 53 жасты қурайды.Соңғы 4-5 жылда Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде илимий  дәрежеликтиң өсиў көрсеткишлери 2017-жылы 31,4, 2018-жылы 31,6, 2019-жылы 34,6  ҳәм 2020-жылы 35,1, 2021-жылда  болса 35,2 пайызды курады.

Университетте  2021-жылдың  январынан баслап, жокары тәлимнен кейинги тәлим институтында, яғный  докторантура ҳәм өз бетинше изетлеў  тийкарында жәми 67 илимий дәрежеге талабан (мәселен,50 орын таяныш  докторантура,4 адам докторантурада, 3  адам өз  бетинше изертлеўши) усыған қосымша стажёр-изетлеўшилик институтында 10 адам излениўши  болып, жәми 18 қәнигелик бойынша илимий изертлеўлер алып  барылмақта.

Университетте  илимий дәрежени жәнеде  асырыў, илимий  дәрежелерге талабанлардың  өз  диссертацияларын (Phd, DSc) қорғап шығыўын табыслы  өткериўди тәмийнлеў  мәқсетинде Бердақ  аындағы   Қарақалпақ мәмлекетлик университети  жанында  тийисли қәнигеликлер     бойынша  илим докторы  (DSc) ҳәм  философия  докторы (Phd)  илимий  дәрежелерин  бериўши  6 Илимий  Кеңеслер  хызмет көрсетип  бармақта.

Университеттиң талап дәрежесинде оқытыў ҳәм оқыў системаларына күнделикли басшылық ететуғын  ең жуўапкершиликли тараўын оқыў ислери бойынша проректоры қадағалап барады. Бул лаўазымда  философия  илимлери кандидаты, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Тәжен Изимбетов (1976-1985),  экономика илимлери докторы, профессор Ҳайдар Бабажанов (1985-1987), физика-математика илимлериниң кандидаты, профессор Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери Нурмуҳаммед Пиримбетов, профессор Бахтияр Абдикамалов (1989-2002), тарийх илимлери кандидаты, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы Жолмурза Ҳәкимниязов (2003-2006), физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент Мухтар Ибрагимов (2007-2019), 2019-жылдан баслап филология илимлериниң кандидаты, доцент Олим Дуйсенбаев оқыў ислери бойынша проректоры лаўазымында ислеп атыр.

Университеттиң илимий ислери бойынша проректоры лаўазымында педагогика илимлериниң кандидаты доцент, Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, Алғазы Бекбасов (1976-1985), физика-математика илимлериниң кандидаты, профессор Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Аманбай Отаров (1989-1997), физика-математика илимлериниң докторы, профессор Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери  Қанатбай Исмаилов (1995-1997), физика-математика илимлериниң докторы, профессор Нийетбай Утеўлиев (1997-2002), экономика илимлериниң докторы, профессор  Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген экономист Хайрулла Убайдуллаев (2007-2010), Техника илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Марат Тағаев (2011-2019), география илимлериниң докторы   Турдымамбетов Изимбет (2019) илимий ислер бойынша проректор лаўазымында ислеп киятыр.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университети буннан 45 жыл бурын Педагогикалық институттың базасында ашылған болса, бүгинги күнге шекем университет базасынан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Қарақалпақстан медицина институты, Қарақалпақстан аўыл ҳожалығы ҳәм агротехнологиялар институты ҳәм республикамыздағы жоқары оқыў орны филиалларының ашылыўының тийкарғы базасы болды. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2020-жылы 25-декабрь күни Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан  Жаслар Форумында жасларға қарата: “Сизлерди, Өзбекстанның ең үлкен байлығы ҳәм бийбаҳа ғәзийнеси деп билемен. Сизлер үшинши Ренессанс дәўириниң тийкаршысы саналасыз”- деп көрсеткениндей, өзиниң  ярым әсирге шамалас тарийхына ийе қарақалпақ мәмлекетлик  университети ертенги күнимиздиң  Хорезмий, Беруний,  Ибн Сина, Улуғбек, Наўайы, Бердақ ҳәм Әжиниязларын тәрбиялап бериўге үлес қосатуғын билим орайы болып хызмет етеди.

 

Жалғас АЙТМУРАТОВ,

Тарийх илимлериниң кандидаты,

ҚМУдың доценти

Қарақалпақстан хабар агентлиги