25-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанында мектеп билимлендириўиндеги реформалардың барысы додаланды.

Мәмлекетимиз басшысының 11-майдағы пәрманы менен 2022-2026-жылларда халық билимлендириўин раўажландырыў бойынша миллий бағдарлама тастыйықланды. Онда алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында билимлендириўдиң сапасын, муғаллимшилик кәсибиниң абырайын арттырыў, инклюзив билимлендириўди раўажландырыў, оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў, инфраструктураны жақсылаў, тараўды санластырыў бойынша әҳмийетли бағдарлар белгиленген. Бул бағдарлардың ҳәр бири онлаған анық ўазыйпалардан ибарат.

Олар ҳәр бир район ҳәм қала кесиминде ислеп шығылған «жол карталары» тийкарында әмелге асырылмақта.

Мәжилисте халық билимлендириў министрлиги бул бағдардағы жумыслар ҳәм келеси оқыў жылына мөлшерленген режелер ҳаққында есап берди.

Бәринен бурын, жаңа миллий бағдарламаны билимлендириў процесине енгизиў мәселелери көрип шығылды. Атап айтқанда, быйыл 3-, 6-, 7- ҳәм 10-класслар ушын, 2023-2024-жылларда 4-, 5-, 8-, 9- ҳәм 11-класслар ушын сабақлықлар, шынығыў дәптерлери және оқыў қолланбалар жаратылыўы белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы бул ушын сырт елли экспертлер ҳәм изертлеўшилерден ибарат жумысшы топарды қәлиплестирип, сабақлықларды сапалы таярлаў зәрүрлигин атап өтти.

Миллий бағдарламада муғаллимлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Бул жоқары билимли ҳәм шебер, заманагөй кадрлар таярлаўды талап етеди. Усы мақсетте Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети және оның жанындағы билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлер Халық билимлендириў министрлигиниң қараўына өткерилди.

Мәжилисте педагогикалық билимлендириўди трансформациялаў, университетке қабыллаўды жетилистириў, илимий потенциалды арттырыў ҳәм оқыўды әмелият пенен байланыстырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Муғаллимлердиң  кәсиплик шеберлигин арттырыў ҳәм оларды жаңа методикаға үйретиў ҳаққында сөз етилип, Абдулла Авлоний атындағы миллий изертлеў институтының жумысын кеңейтип, оны аймақлардағы педагогикалық оқыў орынлары менен өз-ара байланыстырыў зәрүрлиги атап өтилди. Келеси оқыў жылынан баслап химия, биология, физика ҳәм математика муғаллимлери ушын кәсиплик сертификатлаў системасы жолға қойылатуғыны белгиленди.

Президентимиз мектеп директорларын тиккелей таңлаў, олардың кәсиплик ҳәм басқарыў шеберлигин жетилистириў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Билимлендириў менен бирге тәрбия да зәрүрлигин атап өтти.

– Руўхыйлық мектептен басланады. Мектеплерде билимлендириўдиң сапасына қалай итибар берсек, руўхыйлыққа да солай итибар бериў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы мақсетте оқыўшылардың дүньятанымын кеңейтетуғын ҳәм қәбилетин раўажландыратуғын, ҳәр түрли жастағы классларға мөлшерленген руўхыйлық китапларын жаратыў бойынша усыныс берилди.

Мектептен тыс билимлендириўди раўажландырыў мәселесине де тоқтап өтилди. «Бәркамал әўлад» мектеплериниң жумысын ҳәм инфраструктурасын жақсылаў бойынша бес жыллық бағдарлама ислеп шығыў, оларда «STEAM» бағдарламалары бойынша дөгереклер шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА