Қырғыз Республикасының «Кабар» мәмлекетлик мәлимлеме агентлигиниң сайтында «ШБШ Бас хаткериниң Өзбекстанға сапары ҳаққында» атамасындағы мақала берилди.

Автор быйыл Өзбекстанның Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етип атырғаны, бул әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли миссия ШБШ абырайын және де жоқарылатыўға қаратылғанына толық шолыў жасаған.

Материалда ШБШ Бас хаткери Чжан Минниң елимизге сапары, Самарқандта болып өтетуғын ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары қатнасыўындағы саммитке таярлықтың барысы, Өзбекстан басшылығында бир қатар илажлар шөлкемлестирилип атырғаны ҳәр тәреплеме жарытылған.

– Өзбекстанның басламасы менен ШБШ шеңберинде бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары ашылды, – делинеди, соның ишинде, мақалада. – Атап айтқанда, биринши мәрте ағза мәмлекетлер мәлимлеме-коммуникация технологиялары, кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша жуўапкер басшылардың мәжилиси болып өтти.

Сондай-ақ, мақалада Ташкентте ШБШ Халық дипломатиясы форумы, мәденият министрлериниң он тоғызыншы мәжилиси, өсимликлер карантини, спорт, туризм тараўлары бойынша жуўапкер уйымлар басшыларының қатнасыўындағы ушырасыўлар, «ШБШ мәмлекетлери бирге ислесиўиниң жаңа басқышы: туризм ҳәм мәдений мийрас» халықаралық форумы табыслы өткерилгени атап өтилген.

Б.Худойбердиев, ӨзА