Бүгин, 24-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан халық муғаллими, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Арзы Пазыловтың 70 жыллық юбилейине бағышланған «Заманагөй тәлим ҳәм тәрбия технологиялары: тәжирийбелер, машқалалар ҳәм перспективалар» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисине институт жәмәәти, профессор-оқытыўшылар, факультет деканлары, кафедра баслықлары ҳәм республикамыздағы басқа жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан илимпазлар, министрликлер, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, алымның бирге оқыған, жумыс ислеген дослары, устазлары, ағайин-туўысқанлары, перзентлери, ақлықлары ҳәм көп санлы шәкиртлери қатнасты.

Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қодиров ашып берди ҳәм институт ректораты тәрепинен таярланған қутлықлаў сөзи, сондай-ақ, естелик саўғаларын тапсырды.

Арзы Пазылов 1952-жылы Хожели районында әпиўайы жумысшы шаңарағында дүньяға келген. 1968-жылы орта мектепти питкерген болса, 1970-1974-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты) баслаўыш тәлим методикасы қәнигелиги бойынша оқыды.

Мийнет жолы даўамында мектеп муғаллими, институт стажёр-излениўшиси, Ташкент мәмлекетлик университети аспиранты, кафедра лаборанты, жаслар аўқамы хаткери, орта арнаўлы оқыў орны муғаллими, директор орынбасары сыяқлы жумысларда ислеп, көплеген тәжирийбе топлаған.

1990-2012-жыллар аралығында институтта кафедра баслығы, факультет деканы, оқыў-методикалық бөлим баслығы сыяқлы лаўазымларда пидайылық пенен жемисли мийнет етти. Ҳәзирги ўақытта институттың педагогика кафедрасының баслығы лаўазымында жумыс ислемекте.

А.Пазылов 1989-жылы педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Ю.Умаровтың илимий басшылығында кандидатлық диссертация жумысын табыслы қорғады. Педагогика теориясы, тарийхы, руўхый, әдеп-икрамлылық тәрбиясы мәселелери бойынша изертлеў жумысларын алып барған алым 300 ден аслам илимий мийнетлердиң авторы болып есапланады.

Илимпаздың «Педагогика», «Талаба амалиётчилар учун методик қўлланма», «Тәрбия ҳаққында ойлар», «Педагогика теориясы ҳәм тарийхы пәнинен тестлер топламы», «Педагогика теориясы», «Педагогика тарийхы» атамаларындағы сабақлықлары баспадан шыққан болса, ҳәзирги ўақытта оның басшылығында бирнеше илимпазлар менен биргеликте Қарақалпақстанда биринши мәрте «Педагогикалық энциклопедия»ның төрт томлығы баспаға таярланбақта.

Оның авторлығындағы сабақлықлар Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилип киятырған «Жылдың ең жақсы сабақлығы ҳәм оқыў қолланбасының авторы» таңлаўында бирнеше мәрте жеңимпазлар қатарынан орын алып келмекте. Сондай-ақ, оның илимий басшылық етип киятырған шәкиртлери арасынан Президент ҳәм Ислам Кәримов атындағы мәмлекетлик стипендиялар таңлаўларында жеңимпаз болған жаслар жетилисип шыққан.

А.Пазылов баспасөз бетлеринде турақлы түрде мақалалар жәриялап, өзиниң жәмийеттеги жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерге мүнәсибетин билдирип, жәмийетлик ой-пикирдиң қәлиплесиўине хызмет етип келмекте.

Алымның усындай пидайы хызметлери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып келинбекте. Ол 1994-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы, 2000-жылы «Шуҳрат» медалы, 2008-жылы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы көкирек нышаны, 2012-жылы «Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими» ҳүрметли атағы, 2016-жылы «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы» естелик нышаны менен сыйлықланған.

Конференцияда филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов, филология илимлериниң докторы, профессор К.Қурамбаев ҳәм педагогика илимлериниң докторы, профессор Ө.Әлеўовлар юбилей ийеси, көрнекли алым, педагог Арзы Пазыловтың өмири ҳәм илимий-педагогикалық жумыслары ҳаққындағы баянатларын оқып берди.

Конференция өз жумысын секцияларда даўам еттирди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.