Британия исбилерменлериниң абырайлы «Capital Finance International» басылымы бетинде елимизде избе-из даўам етип атырған меншиклестириў процесслериниң темасын қамтып алған мақала жәрияланды.

Онда атап өтилгениндей, пандемияға қарамастан, Өзбекстан 2020-жылы экономикалық өсиўге ерискен дүньяның санаўлы мәмлекетлеринен бири болды. Басылымның атап өтиўинше, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент өз потенциалы менен халықаралық аналитиклерди таң қалдырып атыр. «2021-жылы меншиклестириў бағдарламасы ҳәм тийисли «Жол картасы»н турмысқа енгизиў бағдарында үлкен қәдемлер тасланды-баҳалы базарлар бағдарында жаңаша қатнас қәлиплестирилди.

Сатылып атырған активлер ушын жуўапкер болған жаңа агентликлер шөлкемлестирилди, капитал базарының қағыйдаларына бир қатар өзгерислер киргизилди. Соның менен бирге, жетекши мәмлекет компанияларының менеджменти жаңа шараятларда ҳәрекет етиў бойынша жәрдем көрсететуғын технократлар ҳәм халықаралық дәрежедеги бурынғы банкирлердиң қатнасыўы себепли тыныш революцияны бастан өткермекте», деп жазады басылым.

Capital Finance International мәлим еткениндей, жақын үш жыл ишинде 620 мәмлекетлик кәрханалар толық ямаса бир бөлеги сатыўға қойылады. Олардан дерлик 15 и дүнья дәрежесиндеги компаниялар болып есапланады.

Дүньядағы ең ири алтын кәнлеринен бириниң ийеси болған Наўайы кән-металлургия комбинатынан баслап, миллий нефть-газ флагманы – Өзбекнефтьгазге шекем. Олар Өзбекстан жалпы ишки өниминиң 15 процентин тәмийинлейди. Бул процесске халықаралық мәсләҳәтшилер жедел тартылмақта.

ӨзА