Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги Өзбекстан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураный» фондының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-4906-санлы пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Меҳнат фахрийси» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 2017-жыл 14-июльдеги ПҚ-3133-санлы қарарының орынланыўын тәмиийнлеў мақсетинде «Нураный» фондының Қәўендерлик Кеңеси қарар етеди:
- Өзбекстан Ветеранларының жәмийетлик жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» фонды Республикалық Басқармасының «Меҳнат фахрийси» көкирек белгисине усынылатуғын талабанлардың ҳүжжетлерин көрип шығыў ҳәм таңлаў комиссиясының 2022-жыл 25-апрельдеги мәжилис протоколы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Елимиздиң экономика, өндирис, илим, мәденият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, юриспруденция ҳәм басқа да тараўларында көп жыллар даўамында ҳадал ҳәм жемисли мийнет еткен пенсия жасындағы жерлеслеримизди, сондай-ақ, жумыс ислемей, өмирин шаңарақтың беккемлигин сақлаў, перзентлеримизди жәмийет алдында жуўапкершилик, миллий ҳәм улыўма адамгершилик қәдириятларға, үлкенлерге ҳәм жас әўлад ўәкиллерине ҳүрмет, Ана Ўатанға сүйиспеншилик, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына бағышлаған, жәмийетте ҳүрметке ерискен аналардың бир топарын «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықлаў дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Фонд республикалық басқармасының «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланған Республика шөлкемлериниң ўәкиллерине сыйлықларды салтанатлы тапсырыў мәресимин «Түркстан» көркем өнер сарайында өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланған ветеранлар ушын аймақларда салтанатлы сыйлықлаў мәресимлери өткерилсин.
- «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланғанларды салтанатлы сыйлықлаў мәресимлерин жоқары дәрежеде өткериў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлерден соралсын.
- «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланғанларды салтанатлы сыйлықлаў мәресимлерин кеңнен сәўлелендириў Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кучимов) ҳәм барлық ғалаба хабар қуралларына усыныс етилсин.
- Қәўендерлик Кеңесиниң қарары «Нураный» газетасының арнаўлы санында жәриялансын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Қәўендерлик Кеңеси баслығының орынбасары – «Нураный» фонды республикалық Басқармасының баслығы С.Турдиевке жүкленсин.
Қәўендерлик Кеңеси
2022-жыл 6-май
Ташкент қаласы
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Меҳнат фахрийси» I дәрежели көкирек белгиси
Есемуратов Алламурат – 1951-жыл, полиграфия ветераны
Жәримбетов Қурбанбай Қудайназарович – 1948-жыл, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры, филология илимлериниң докторы
Мәмбетназаров Бийсенбай Сатназарович – 1943-жыл, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы
Сабиров Генженазар – 1946-жыл, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң доценти, биология илимлериниң кандидаты
Абдуллаев Алишер – 1950-жыл, Нөкис мәмлекетлик пелагогикалық институтының доценти, экономика илимлериниң кандидаты
Бекбергенова Мария Досбергеновна – 1953-жыл, Нөкис мәмлектелик педагогикалық институтының доценти, филология илимлериниң кандидаты
Нуржанов Маратжан – 1957-жыл, Қарақалпақстанға мийнети сиңген ирригатор.
Толыбаев Али – 1949-жыл, суў хожалығы системасы ветераны
Әўезов Онғарбай Пирлешович – 1949-жыл, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының профессоры, техника илимлериниң докторы
Бекбанов Бийсенбай Әрепович – 1946-жыл, Қарақалпақстанға мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери
Атамуратов Татлымурат Жумамуратович – 1948-жыл мәнәўият үгит-нәсиятлаўшысы
Сапарова Зибагүл Кәримбаевна – 1959-жыл, мәденият ветераны
Давлатов Рустам – 1945-жыл, «VETERAN» бирлеспеси ветераны
Кунназарович Жумабай Хожабаевич – 1961-жыл «VETERAN» бирлеспеси ветераны
Новицкий Игорь Олегович – 1954-жыл «VETERAN» бирлеспеси ветераны
Бекбосынов Қасым Есенович – 1958-жыл, Чернобылшылар ассоциациясы ветераны
Абаев Сапардурды – 1940-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен билимлендириў хызметкери
Аллияров Сапарбай – 1949-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен санаат хызметкери
Атаджанов Юсуп – 1938-жыл, ветеран ирригатор
Бауатдинов Сали – 1943-жыл, Қарақалпақстан Республикасы илим ғайраткери.
Бекжанова Бағдагүл Жиенбаевна – 1954-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен юрист.
Бекмуратов Қуанышбай – 1946-жыл, халық билимлендириў ветераны.
Даулетназаров Аяпберген – 1946-жыл, ветеран қурылысшы.
Джуманиязов Сапарбай – 1938-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
Джадигерова Айша Бекбаўлиевна – 1948-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери.
Джуманов Султамурат – 1949-жыл, ветеран инженер.
Досымбетов Генжебай – 1947-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен санаат хызметкери.
Есимбетов Сарсенбай Халмуратович – 1945-жыл, халық билимлендириў ветераны.
Лепесов Жеңис – 1945-жыл, Қарақалпақстан халық художниги.
Матчанов Айтчан Сейтчанович – 1939-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
Назаров Амангелди Есбосынович – 1948-жыл, халық билимлендириў ветераны
Наметов Қасым – 1942-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
Нурматов Гүлмирза– 1942-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери.
Нурниязов Алламберген Ешимбаевич – 1946-жыл, медицина ветераны.
Примбетов Нурмухамбет – 1945-жыл, жоқары билимлендириў ветераны.
Ражапова Халбике – 1951-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен санаат хызметкери.
Реимова Даметкен – 1948-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў хызметкери.
Реймов Қалмурза – 1947-жыл, медицина ветераны.
Сапарбаев Базарбай – 1946-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
Сатниязова Қаллыхан – 1940-жыл, Қаҳарман ана.
Султамуратов Отепберген – 1946-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў хызметкери
Тажибаев Мурод – 1934-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен юрист.
Таженов Есбосын – 1938-жыл, халық билимлендириў ветераны.
Токтыбаев Максет – 1941-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
Турманов Махсет Бекмуратович – 1949-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен байланыс хызметкери.
Ходжаниязов Юсупбай – 1949-жыл, мәҳәлле белсендиси.
Худайбергенов Саттар – 1947-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
Шамуратов Қутлымурат – 1948-жыл, мәҳәлле белсендиси.
Юсупова Бибиайым Алланазаровна – 1951-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери.
II дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен:
Аметов Аскербай Елмуратович – 1952-жыл, энергетика ветераны.
Асемов Алламберген – 1952-жыл, медицина ветераны.
Беласаров Данияр Худиярович – 1951-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
Данияров Жолдасбай – 1951-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
Джуманиязов Бахрам Ёдгорович – 1950-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен санаат хызметкери.
Жакешова Актоле – 1953-жыл, халық билимлендириў ветераны.
Муханов Қалбай – 1954-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен юрист.
Нағметуллаев Нурылла – 1952-жыл, мәҳәлле белсендиси.
Рысбаева Гүлайым Реймовна – 1951-жыл, медицина ветераны.
Серимбетов Қалабай – 1942-жыл, медицина ветераны.
Турдақов Орынбай – 1953-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен юрист.
Қуранбаев Рейимбай – 1950-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен:
Абдикаримов Аяпберген Ибраимович – 1957-жыл, халық билимлендириў ветераны.
Ачилов Жуманазар – 1956-жыл, халық билимлендириў ветераны.
Байлепесова Сарыгүл Айтжановна – 1955-жыл, халық билимлендириў ветераны.
Бердахов Шарибай Абенович – 1956-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
Даулетмуратов Ерполат – 1956-жыл, аўыл хожалығы ветераны.
Досымбетова Тамара – 1957-жыл, халық билимлендириў ветераны.
Хошанова Джамила Примбетовна – 1958-жыл, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен юрист.
Қултасбаева Зилиха Султанбаевна – 1959-жыл, халық билимлендириў ветераны.
Қурбанова Рахила Машариповна – 1956-жыл, юстиция ветераны.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.