Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының компьютер инжиниринг факультетиниң 4-курс студенти Алмат Қазақбаев Цорел Драў графикасы жәрдеминде 1-10 жас аралығындағы балалар ушын арнаўлы бизиборт ойлап тапты.

– Инсанның ойлаў дәрежеси жоқары, пикирлеў дүньясы кең болыўында алақан ҳәм бармақларындағы нерв талшықлары үлкен хызмет атқарады екен,-дейди А.Қазақбаев. – Усы тәреплерин инабатқа алған ҳалда биз жақсы пикирлеўимиз, логикалық ойлаўда теңсиз болыўымыз ушын қоллардағы киши моториканы раўажландырыўымиз керек.

Бул ақыллы досканың абзаллығы сонда, буннан пайдаланып ойнаған кишкенелеримизде логикалық жақтан ойлаў, пикирлеў өседи. Ҳәр күни ойнаў арқалы балалардағы моторика раўажланады. Ҳәрекетлениўши доска баланы қызықтырып ғана қоймастан, логикалық ойлаўын өсириўге де жәрдем береди.

 

Хатира Турсынғалиева,

ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги