Усы жылдың 12-май күни Республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде 2022-жыл «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле» жылына бағышланып, спорттың жүзиў түри бойынша 2009-2010 ҳәм 2011-2012-жыллары туўылған ер балалар ҳәм қызлар арасында Өзбекстан «Yoshlik» дене тәрбия ҳәм спорт жәмийети тәрепинен Қарақалпақстан бириншилиги өткерилди.

Жарыс басланбастан бурын қатнасыўшыларға мастер класс өтилди, онда қағыйдаларға бойсыныў, қәтеликлерге жол қоймаў кереклиги спортшыларға түсиндирилди.

Жарысқа Әмиўдәрья, Мойнақ, Шымбай районлары, Нөкис қаласы спорт мектеплеринен ер балалар ҳәм қызлар қатнасты.

Оған спорттың жүзиў түри бойынша тренери, Қарақалпақстан сайланды командасы бас тренери Руслан Ильясов, Шымбай районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тренери Әдилбек Кеңесбаев, Әмиўдәрья районы бас тренери Жавоҳир Матырзаев төрешилик етти.

Ер балалар 200 метр еркин, брасс, комплекс жүзиў бойынша, қызлар болса 200 метр еркин, комплекс ҳәм шалқасына жүзиў түрлери бойынша беллести.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, оларға диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

Шахноза-Бану Абдуллаева,

Гаухар Султанбаева,

ⱩМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм

журналистика факультети 1-курс студенти

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги