Төрткүл районындағы орайлық устаханада быйылғы жылға ғәлле орым-жыйынына қатнасатуғын техникаларды оңлаў ҳәм сертификат тийкарында қабыл етлиўин шөлкемлестириўге бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Кластерлердиң, машина-трактор парклери, тийисли кәрхана ҳәм мәкемелердиң басшылары қатнасқан илажда «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы А.Юлдашев, Төрткүл районының ҳәкими Р.Шамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ғәлле орым-жыйынын шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, районда быйылғы жылдың өними ушын 281 фермер хожалығы тәрепинен 5 мың гектардан аслам майданға ғәлле егилген. Орым-жыйын жумысларына 15 дана комбайнның қатнасыўы күтилмекте.

Бул жумысларды шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша 15 орым отряды шөлкемлестирилди. Ҳәр бир отрядқа бир дана комбайннан, 47 дана жүк тасыў автомашинасы, биреўден көшпели устахана ҳәм жанылғы тасыў механизми бириктирилди.

Семинарда орынланыўы тийис болған әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди. Илаж соңында комбайн операторларына еки миллион сумнан пул ҳәм азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы