Ҳәзирги ўақытта оқыўшы жасларымыздың бос ўақтын мазмунлы өткериў ушын Тақыятас районында Бәркамал әўлад балалар мектеби ашылды. Бул мектепте оқыўшы жасларға 7 бағдарда билим бериледи.
Атап айтқанда, 71 оқыўшы мәденият ҳәм көркем өнер, 173 оқыўшы техникалық, конструкторлық ҳәм моделлестириў, 211 оқыўшы туризм ҳәм экология, 77 оқыўшы шет тили, 205 оқыўшы өнерментшилик ҳәм қол мийнети, 22 оқыўшы дене тәрбиясы ҳәм спорт және 93 оқыўшы жоқары оқыў орнына ҳәм орта мектепке таярлаў бағдары бойынша билим алады.
– Мектебимизде жәми 852 оқыўшы-жаслар билим алмақта,-дейди усы мектеп директорының оқыў ҳәм руўхыйлық ислер бойынша орынбасары Г.Уббиева. – Олардың арасында жетискенликке ерискен оқыўшы жаслар көпшиликти қурайды.
Атап өтетуғын болсақ, 2021-жылы Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен оқыўшылар арасында өткерилген “Дөретиўши балалар” фестивалына қатнасқаны ушын Шадлық Назаров сертификат пенен сыйлықланды. Жаслар ислери агентлиги тәрепинен 2021-жыл октябрь айында Тақыятас районында “Жаңа Өзбекстан жаслар форумы – 2021’’ шеңберинде жаслардың компьютер бойынша саўатлылығын арттырыў мақсетинде өткерилген “Стамино” таңлаўында Фазилбек Реймбаев 2-орынды ийеледи.
Бәркамал әўлад балалар мектебинде усындай жаслардың билим алып атырғанынан қуўанышлымыз.
Саёра Айтбаева,
Хатира Турсынғалиева,
ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студентлери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги