Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң гезектеги пленумы болып өтти.

Пленум жумысына кеңес ағзалары, қала ҳәм районлық партия шөлкемлериниң басшылары, Жаслар парламентиниң ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық дупутатлары жергиликли Кеңеслериниң депутатлары, партия белсендилери қатнасты.

Пленумда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ҳәм депутатлық бирлеспелердиң 2021-жылдағы жумысларының жуўмақлары ҳәм 2022-жылдағы ўазыйпалары додаланды. Сондай-ақ,  партияның сайлаўалды платформасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларының әмелге асырылыўы, электораттың мәплерин қорғаў сыяқлы мәселелер бойынша исленген жумыслар көрип шығылды.

Пленумда атап өтилгениндей, бүгинги күнге келип, партияның республикамыздағы басланғыш партия шөлкемлериниң саны 654ке, ал партия ағзаларының саны 23500ден асты. Есап бериў дәўиринде электораттың мәплерин қорғаў мақсетинде Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясы ҳәм жергиликли Кеңеслердеги ӨзМТДП депутатлық топарларының ағзалары тәрепинен 527 депутатлық сораў әмелге асырылды. Депутатлық топарлар тәрепинен 41 лаўазымлы шахстың есап бериўлери тыңланды. Турақлы комиссияларға 55 мәселе алып шығылған болса, жергиликли кеңес сессияларына 38 баслама алып шығылды.

Жәмлеспеген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип- өнерге бағдарлаў, «Устаз-шәкирт» дәстүрлерин раўажландырыў мақсетинде мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслар, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери, ўақтынша жумыссыз ҳаял-қызларды қосымша бийпул кәсип-өнерге оқытыў ушын «Хызмет – бийминнет» жойбары шеңберинде өткен жыл даўамында 50 бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилди. Оларда 380нен аслам жәмлеспеген жаслар ҳәм ҳаял-қызларға қосымша бийпул билим ҳәм кәсип өнер үйретилди. Мәжилисте быйылғы жылы да усындай курсларды шөлкемлестириў келисип алынды.

Сондай-ақ, «үйме-үй» жойбары шеңберинде жәми 3100ден аслам шаңарақлардың жағдайынан хабар алынды. Жойбар нәтийжесинде жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың мүрәжатлары тыңланып, жумыссызлық ҳәм басқа мәселелерде жәрдем берилди. Бир қатар жасларға ҳәм ҳаял-қызларға жеңиллетилген кредитлер алыўға жәрдем көрсетилди.

Пленумда есап бериў дәўиринде кемшиликлерге жол қойған партияның районлық кеңеслериниң жумыслары сынға алынды. Пикир-усыныслар билдирилип, жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Пленум жуўмағында партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң алдағы ўақытлары әмелге асырылатуғын ўазыйпалары бойынша режеси тастыйықланды ҳәм додаланған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги