Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Элдор Арипов басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы Испанияның Малага қаласында болып өтип атырған «Террордан аўлақ келешек ушын: Нызам ҳәм инсан ҳуқықы үстинлиги тийкарында пуқаралық жәмийетиниң турақлылығын беккемлеў» халықаралық конференциясында қатнасып атыр.

Үш күнлик форумда БМШ бас хаткери Антониу Гутерриш, БМШтың қәнигелескен мәкемелери, соның ишинде Инсан ҳуқықлары бойынша кеңес, ЮНИСЕФ, ЮНЕСКО, Цивилизациялар альянсының басшылары, Европа Аўқамы, БМШға ағза мәмлекетлердиң жоқары мәртебели ўәкиллери қатнаспақта. Илаж БМШ Контртеррор басқармасы ҳәм Испания ҳүкимети тәрепинен шөлкемлестирилди.

Әнжуман шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлериниң терроризмге қарсы гүресиў, бул апатшылыққа қарсы гүрес шараятында нызам ҳәм инсан ҳуқықы үстинлигин тәмийинлеў тараўындағы тәжирийбесине бағышланған илаж болып өтти. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, БМШтың Контртеррор басқармасы ҳәм БМШтың Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген сөйлесиў бағдарламасынан орын алған илимий-әмелия сессияда БМШтың Контртеррор басқармасы ҳәм басқа да қәнигелескен мәкемелери, соның ишинде Инсан ҳуқықлары бойынша кеңес, ЮНИСЕФ, ЮНЕСКО, Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқарма, Оқыў ҳәм илимий-изертлеў институтының хызметкерлери, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлериниң экспертлери, ҳуқық-қорғаў уйымларының қәнигелери, пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери қатнасты.

Илаж усы жылы 3-4-март күнлери Ташкентте БМШ ҳәм ЕҚБШ қәўендерлигинде БМШтың Орайлық Азияда Глобал контртеррор страгиясы әмелге асырылыўының 10 жыллығына бағышлап өткерилген халықаралық конференцияда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған басламалардың орынланыўына қаратылды.

Малагада БМШ Контртеррор басқармасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының қәнигелери тәрепинен терроризмге қарсы гүресиў, Орайлық Азияда терроризмге қарсы гүресиўде инсан ҳуқықы ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша электрон оқыў курсы рәсмий иске қосылды. Кең көлемли бул оқыў курсы БМШтың Контртеррор басқармасы ҳәм Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы тәрепинен ислеп шығылған болып, ең жақсы әмелиятларды, атап айтқанда, регион еллериниң терроризмге қарсы гүресиўдеги өзине тән тәреплери ҳәм қатнасларын өзине жәмелеген.

Модератор Э.Арипов қатнасыўшыларды мәмлекетимиздиң бул бағдардағы тәжирийбеси, БМШтың Орайлық Азияда Глобал контртеррор стратегиясын әмелге асырыў бойынша Биргеликтеги ҳәрекетлер режесиниң орынланыўы шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери ерисип атырған жетискенликлер менен таныстырды. Орайлық Азия терроризмге қарсы гүрес бойынша миллий халықаралық ҳәрекетлерди бирлестириўде өзине сай қурал сыпатында тән алынған БМШ контртеррор стратегиясын табыслы регионластырыўдың дәслепки үлгиси екени атап өтилди.

Ташкент халықаралық конференциясы болса региондағы барлық мәмлекетлердиң бул бағдардағы бирге ислесиўин даўам еттириўдеги сиясий ерк-ықрары, умтылысын және бир мәрте көрсеткени атап өтилди.

СРИИ директорының атап өтиўинше, Өзбекстанның пайтахтында қабыл еилген ҳәм кейин ала БМШ Бас ассамблеясының рәсмий ҳүжжети сыпатында тарқатылған Жаңаланған Биргеликтеги ҳәрекетлер режеси ҳәм Ташкент декларациясы регион мәмлекетлери ҳәрекетин бирлестириў процесин жаңа басқышқа көтереди.

Э.Арипов жыйналғанлардың итибарын Ташкент конференциясы шеңберинде усынылған ҳәм қоллап-қуўатланған Президентимиздиң басламаларына қаратты. Атап айтқанда мәмлекетимиз басшысының Орайлық Азияда БМШ Контртеррор басқармасының офисин ашыў ҳаққындағы усынысы терроризмге қарсы гүресиўде регионаллық ҳәм глобал дәрежедеги күшлерди және де беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан ўәкилиниң сөзлерине бола, Президентимиздиң 2023-жыл Өзбекстанда БМШ қәўендерлигинде «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» темасындағы конференцияны өткериў ҳаққындағы усынысы терроризмниң тийкарғы дәреклеринен бири болған саўатсызлық ҳәм жаўызлық, диний ҳәм басқа түрдеги келиспеўшиликти сапластырыўға қаратылған жумысларды раўажландырыўға үлкен үлес қосады.

Әнжуман шеңберинде мәмлекетимиздиң делегация ағзалары БМШ Контртеррор басқармасының директоры В.Воронков пенен ушырасты. Сөйлесиў даўамында Өзбекстан Президентиниң терроризмге қарсы гүрес бойынша билдирген басламаларын әмелге асырыў бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиў перспективасы додаланды.

ӨзА