“Республика жаслар ҳаўазы” таңлаўының республикалық басқышының қатнасыўшылары 10-май күни Нөкис темир жол вокзалы ҳәм Нөкис халық аралық аэропортында салтанатлы күтип алынды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жылдың 23-24-феврал күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалары ҳәм Президентимиздиң “Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы, “Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былайда раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарарларыниң орынланыўын тәмийинлеў, мәҳәллелердеги жасларды миллий атқарыўшылық, бақсышылық, опера ҳәм эстрада бойынша қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде “Республика жаслар ҳаўазы” таңлаўының Өзбекстан Республикасы финаль басқышы усы жылдың 10-15-май күнлери Нөкис қаласы ҳәм Бозатаў районында өткерилиўи нәзерде тутылған.
Хабарыңыз бар, “Республика жаслар ҳаўазы” таңлаўы усы жылы екинши мәрте өткерилмекте. Өткен жылғыдан өзгешелиги, жасларымыздың усыныслары тийкарында таңлаўдың өткерилиў басқышларына қосымшалар киргизилди. Яғный “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде усы жылдың 1-30-апрель күнлери усы таңлаўдың мәҳәлле-сектор-район (қала)-аймақлық басқышлары өткерилди.
Таңлаўға бақсышылық, миллий атқарыўшылық, опера ҳәм эстрада бағдарында 10-15 жас, 16-22 жас, 23-30 жас категориясындағы жаслар қатнаспақта. Аймақлық басқышларда жеңимпаз болған 152 қатнасыўшы республикалық басқышқа қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.
Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлык қәдириятлар, кең пейиллилик, мийрим-шәпәәт идеялары руўхында тәрбиялаў, бақсышылық, миллий атқарыўшылық, опера, эстрада бағдарларында дөретиўшилик пенен шуғылланып атырған жас талантлыларды қоллап-қуўатлаў, олардың үлкен сахналарда өз өнерин көрсетиўи ушын кең жол ашып бериўден ибарат.
Мийманлар Нөкис қаласындағы И.В. Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине барып, ол жердеги қарақалпақ халқының бай мәдений мийраслари ҳәм баҳалы экспонатлар менен танысты. Бүгин Нөкис қаласындағы Ашық театрда фестивальдың салтанатлы ашылыў мәресими болып өтеди.
Илаж 16-майға шекем даўам етеди.
Арыўхан НУРАТДИНОВА,
ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери