Кейинги изертлеўлер жаслар ҳәм орта жастағылар арасындағы шегара барған сайын жоқ болып баратырғанын көрсетпекте. Узақ өмир көриў ҳәм саламат турмыс тәризи инсанның жасына сай болмаған түрде узақ ўақыт гөззаллығын сақлап қалыўы мүмкин екенинен дәрек береди.
Сол себептен айырым илимпазлар орта жасты 41 ден емес, ал 53 жастан баслап есаплаў керек, деген пикирди алға қойып атыр.
Қандай адамларды орта жаслы деп есаплаў мүмкинЎ Песиннен кейин уйқылап қалыўды жақсы көретуғынлар, қолайлықты биринши орынға қоятуғынлар, белдеги аўырыўлардан шағым етиўшилер, кешки ўақтын үйинде тыныш ғана өткериўди қәлеўшилерди орта жастағылардың категориясына киргизиў мүмкин.
«Benenden Health» компаниясының буйыртпасы бойынша өткерилген изертлеўде мәлим болыўынша, 50 жастан асқанлардың дерлик ярымы еле өзлерин орта жасқа толмаған деп есаплайды, төрттен үш бөлеги болса жас топарлары арасындағы айырмашылықтың киши екенин сезиўди баслағанына исенген.
Ҳәр 10 адамнан сегизи бул ақилый емес, ал физикалық жағдай деп баҳалайды.
«Британиялылар, бахтымызға, «орта жас» деген дәстүрий түсиниктен өтип болған, себеби жаслар ҳәм кекселерди категорияластырыўшы сызықлар жоқ болып баратыр», – делинеди «Benenden Health» есабатында.
Изертлеўшилердиң көзқарасында, бир қатар факторлар, соның ишинде, және де саламат ҳәм белсенди турмыс тәризи адамлардың әдетлери жасы өтиўи менен өзгермейтуғынын аңлатады. Қулласы, қәнигелер «орта жас» атамасы барған сайын әҳмийетин жойытып атыр, деген шешимге келген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги