Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Жеңис паркине барды.

Әскерий оркестрдиң атқарыўында «Еслеў намасы»  жаңлады. Мәмлекетимиз басшысы «Матонат мадҳияси» естелик комплексине гүлшеңбер қойды.

Бул комплекс Екинши жер жүзилик урыста бес баласынан айрылған Зулфия апа Закирова, оның садық келинлери ҳәм жетим қалған ақлықларының естелигине бағышланып қурылған. Ол халқымыздың урыстағы жоғалтыўлары, тынышлық ушын гүрес тымсалы сыпатында парктиң орайынан орын алған. Сол мәниде «Матонат мадҳияси» урыста өз баласынан, өз ярынан  айырылған барлық аналар, барлық ҳаяллардың ҳүрметине орнатылған естелик.

Паркте Қураллы Күшлер системасына киретуғын министрлик ҳәм уйымлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери де жәмлести. Президентимиз олар менен сәўбетте халқымызға қутлықлаўын жоллады.

– Бүгин усы Жеңис паркинде турып, ҳүрметли ветеранларымызды, пүткил халқымызды қутлы әййям менен шын жүрегимнен қутлықлайман. Бундай демлерде қаҳарман ата-бабаларымызды еске алып, олардың мәртлиги алдында бас ийемиз. Олардың тынышлық ҳәм азатлыққа бағышлаған көп қырлы өмир жолы келешек әўладлар ушын отта жанбайтуғын, суўда батпайтуғын уллы мийрас болып табылады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы бул жер урыс ақыбетлерин, тынышлықтың қәдирин ядқа салатуғынын атап өтти.

– Бүгин дүнья қәўетерли болып бармақта. Ҳәр минут сынақлы болмақта. Бул бизге де тәсир ете ме? Әлбетте тәсир етеди. Бирақ халқымыздың өмирине бул тәсирди азайтыў бойынша илажлар көрип атырмыз. Мийнетимиз бенен, аўызбиршилигимиз бенен, Қуда қәлесе, бул сынақлардан да өтемиз, – деди Президент.

Министрлик ҳәм уйымлар, жәмийетшилик ўәкиллери де комплекске гүллер қойды.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Екинши жер жүзилик урысы қатнасыўшыларының жағдайынан хабар алды.

Алдын Ташкент қаласының Алмазар районында жасап атырған Аббас ата Аппановтың шаңарағына барды.

Аббас ата 1924-жылы Ташкент қаласында туўылған. 1942-жыл февральда Смоленск қаласына урысқа барып, кейин ала Беларусь, Польша, Германияда болған аяўсыз саўашларға қатнасқан. 1946-жылы елимизге қайтқан Аббас ата узақ жыллар Ачаабад мәҳәллесиндеги улыўма билимлендириў мектебинде немис ҳәм инглис тили пәнинен сабақ берген, баслаўыш класлар ушын «Немис тили» сабақлығын да жазған.

Бул инсанның тынышлық жолындағы хызметлери мүнәсип баҳаланып, көплеген  мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған.

– Сизлерди көрип, жақыннан сөйлесейин, ҳал-аўҳал сорап, денсаўлық тилейин деп өзим келдим. Бәринен бурын, сизди, сиз арқалы барлық урыс қатнасыўшыларын, халқымызды байрам менен қутлықлайман. Ҳәмийше саў-саламат болып, пәтияңызды берип, жасларымызға үлги болып жүриўиңизди тилеймен,-деди Шавкат Мирзиёев.

– Алланың инаяты, мәмлекетимиздиң ғамхорлығы ҳәм меҳрибанлығы арқасында мине усындай жасларға жетип жүрмиз. Сизге де Алладан күш-қуўат, халқымыздың мәпи жолындағы жумысларыңызға берекет тилеймен. Ҳүрметлегениңиз ушын рахмет,-деп миннетдаршылық билдирди Аббас ата.

– Сизлер бул ҳүрметке ылайықсыз,-деди Президент. Кекселерди қәдирлеў уллы қәдириятымыз. Биз буны даўам еттирип атырмыз. Жасларымыз да билсин, буннан өрнек алсын.

Теберик бабаның перзентлери де пенсияда. Бүгинги күнде 21 ақлық, 55 шаўлық ҳәм 7 қуўлық пенен мазмунлы өмир сүрмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Яшнабад районында жасап атырған Фёдор Фединниң шаңарағында да болды.

Фёдор Семёнович 1927-жылы Россияның Мордовия үлкесинде туўылған. 1944-жылы армияға шақырылып, урыста оператор ҳәм инструктор ўазыйпасын атқарған. Минск қаласына жақын жерлердеги урысларда қатнасқан. Урыс тамам болғаннан соң, бир неше мәрте Қытайда хызмет еткен. 1949-жылы Ташкент қаласына келип, авиация заводында ислеген. Көплеген мийнет сыйлықларына ерискен. Өмирлик жолдасы менен бирге еки қызды тәрбиялап, камалға келтирген.

Президентимиз бул ветеранлардың денсаўлығын, жасаў шараятларын сорады. Бүгинги тынышлыққа қосқан үлеси, көп жыллық нәтийжели жумысы ушын оларға миннетларшылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Мырза Улығбек районында жасайтуғын Акмал ата Акромовты да зыярат етти.

Акмал ата 1924-жылы Ташкент қаласында туўылған. 1941-жылы мектепти тамамлап, машина қурылысы заводында ислеген. 1942-жылдан урыста қатнасып, қатты жараланған.

Елимизге келгеннен соң, саўда, азық-аўқат санааты тараўларында мийнет еткен. Пенсия жасында Ташкент қалалық Урыс ҳәм мийнет ветеранлары жәмийетиниң баслығы, «Нураный» қорының қалалық бөлим баслығы лаўазымларында жумыс алып барған.

– Урысқа қатнасып, қаҳарманлық көрсетип, урыстан кейин мәмлекетимизге жүдә көп хызмет етип, перзентлерди, ақлықларды тәрбиялап, мине усындай теберик жасқа жеткениңиз үлкен бахыт. Сизлердиң өмириңиз, ҳәр бир  сөзиңиз  бизге мектеп. Илайым, денсаўлығыңңыз беккем, өмириңиз еле де узақ болсын. Жасларымызға сизлердиң жолыңызды, өмриңизди берсин,-деди Шавкат Мирзиёев.

Акмал ата да барлық урыс ветеранлары атынан мәмлекетимиз басшысын қутлықлады.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласының Яшнабад районында қурылған «Үш әўлад бағы»н барып көрди.

Мәҳәллелердеги руўхый орталықты жақсылаў, жасларды ийгиликли жумысларға шақырыўда жасы үлкенлердиң өмир тәжирийбеси әҳмийетли. Усы мақсетте мәҳәллелерде, билимлендириў мәкемелеринде кексе ҳәм орта әўлад ўәкиллери және жаслардың қатнасыўында «Үш әўлад ушырасыўлары» өткерилмекте.

Бул жаңа бағ та усы мақсетке хызмет етеди. Бурын бул жер қараўсыз, жоллары тегис емес еди. Енди Алимкент көшеси оңланып, әтирапы абаданластырылды. Терек ҳәм гүллер егилди, ыссыхана ҳәм көк дәлизлер қурылды. Отырғышлар, пиядалар ҳәм велосипед жоллары халықтың дем алыўы ушын қолайлы шараят жаратты.

Усы жерде ветеранлар, мәҳәлле белсендилери менен сөйлесиў болып өтти. Олар ел-журт пидайыларының естелиги улығланып, кекселерге айрықша ҳүрмет көрсетилип атырғанын атап өтти.

Бүгинги күнде елимизде  3 миллионнан аслап нураныйлар бар. Олар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, денсаўлығына итибар қаратылмақта. 28 мыңға шамалас нураныйлар санаторийларда саўалландырылды, 450 мыңы тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди.

Барлық аймақларда Нураныйлар кеңеслери ҳәм мәҳәллелерде кекселер ислери бойынша мәсләҳәтши лаўазымлары шөлкемлестирилди. «Ҳүрметли устаз» ордени шөлкемлестирилди. 3 мың 500 ден аслам жерлеслеримиз «Мийнет ветераны» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

– Сондай заман келмекте, мәҳәлле ҳақыйқый күш болмақта. Мәселе шешилип атырғанын халқымыз сезбекте. Ҳәмме жерге нураныйлар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар бойынша ўәкил қойдық. Енди мәҳәлле баслығының «үш сүйениши» бар, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиздиң пәрманына муўапық байрам қарсаңында Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының ҳәр бирине 15 миллион сумнан бир мәртелик ақшалай сыйлық ҳәм саўғалар тапсырылды. Район ҳәм қала ҳәкимликлери фронт артында мийнет еткен 10 мың ветеран менен жеке ушырасып, ҳалынан хабар алды.

Елимиздеги бундай аўызбиршилик ҳәм тынышлыққа шүкир етип, оны қәстерлеў, нураныйлар өзлериниң үлгиси ҳәм сөзи менен үлес қосыўы керек екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги «Юксалиш» басқарыў сервис компаниясының жумысы менен де танысты. Ол жети мәҳәлледеги 106 көп қабатлы жайға хызмет көрсетеди. Есап-санақларда биллинг системасы жолға қойылған. Компания имаратында ҳәм көп қабатлы жайлардың жер төлесинде турмыслық хызметлер шөлкемлестирилген.

Усы жерде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен сәўбет болып өтти.

ӨзА