Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов  9-май -Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 77 жыллығы байрамы алдынан Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының шаңарақларында болып, байрам саўғаларын тапсырды.

Президентимиздиң басламасы менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына, фронт арты мийнет ветеранларына, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған әскерий ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына материаллық ҳәм мораллик жәрдем көрсетилмекте.

Республикамыз басшысы Төрткүл районында жасаўшы Иван Голенко, Қараөзек районында жасаўшы Генжемурат Алланиязов, Нөкис қаласында жасаўшы Қәдирбай Нарманов ҳәм Қанлыкөл районында жасаўшы Оразбай Наметуллаевларды Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 77 жыллығы байрамы менен қутлықлады. Урыс ветаранларына Президентимиздиң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти атынан 15 000 000 (он бес миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлықты салтанатлы жағдайда тапсырды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ҳәкимликлер,  министрликлер атынан баҳалы саўғалар берилди.

Республикамыз ҳәм район көркем өнер шеберлери, Арқа-батыс әскерий округи әскерий оркестри ағзалары тәрепинен   урыс жылларының қосық ҳәм намалары атқарылып, жаслар тәрепинен ветеранларымызға шексиз ҳүрмет көрсетилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери