Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясының орынланыўынан келип шығып, аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар системасы шеңберинде аграр тараў ушын халықаралық талаплар менен стандартларға муўапық жоқары маман кадрлар таярлаў, бул бағдарда жетекши сырт ел университетлери менен узақ мүддетли қатнасықларды рўажландырыў мақсетинде:
- Аўыл хожалығы министрлигиниң Уллы Британия Патшалығы аўыл хожалығы университети (Royal Agriculture University, кейинги орынларда – бирге ислесиўши университет) менен биргеликте Ташкент қаласында Халықаралық аўыл хожалығы университетин (кейинги орынларда – Университет) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.
- Төмендегилер:
а) Университет жумысының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленгенлиги:
аграр тараўды раўажландырыў, жәҳән тенденцияларын ҳәм тәжирийбесин сәўлелендириўге қәнигелескен «илимге тийкарланған, әмелиятқа бағдарланған (science-based, practice-oriented) билимлендириў» принципи тийкарында ҳәм миллий дәстүрлер үйлесиўинде жоқары маманлықтағы, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, еркин пикирлейтуғын, ўатанын сүйетуғын, профессионал кадрларды таярлаў;
илим жетискенликлерин ҳәм инновацияларды өндириске енгизиў, агротехнологиялық ҳәм экологиялық турақлылық әмелиятларын раўажландырыў, аўыл хожалығында бизнес ҳәм оператив нәтийжелиликти өндиристи қамтып алатуғын илимий изертлеўлер алып барыў;
аўыл хожалығы хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў және оқыў системасын модернизациялаўға қаратылған жаңа билимлендириў бағдарламаларын ҳәм жойбарларын әмелге асырыў;
б) Университет питкериўшилерине бирге ислесиўши университеттиң дипломы берилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Университет Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Уллы Британия Патшалығы аўыл хожалығы университети тәрепинен шөлкемлестирилетуғын толық академиялық ҳәм қаржы жағынан бийғәрез болған мәмлекет қатнасындағы жоқары оқыў орны есапланатуғыны;
Университет Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң сүўрети ҳәм мәмлекетлик тилинде атамасы түсирилген мөр, банк есап бетлери, штамп ҳәм басқа да реквизитлерге ийе болатуғыны;
Университет тәрепинен берилетуғын диплом Өзбекстан Республикасында тән алынатуғыны;
Университетте билимлендириў грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылатуғыны;
Университет тартылған сырт ел қәнигелерине, жергиликли хызметкерлердиң мийнет ҳақысын ҳәм басқа да төлемлерин бийғәрез белгилейтуғыны;
Университет ректоры Бақлаў кеңеси менен келискен ҳалда аўыл хожалығы министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан босатылатуғыны, онда Университет ректоры Өзбекстан Республикасы тәрепинен көрсетилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Университетке Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-декабрьдеги «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң академиялық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў еркинлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-60-санлы ҳәм «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қаржы еркинлигин бериў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-61-санлы қарарларында белгиленген академиялық, финанслық ҳәм шөлкемлестириў еркинлигине байланыслы тәртип-қағыйдалар енгизиледи. Аўыл хожалығы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының Университетте мәмлекетлик мәкеме түриндеги хожалық есабынан қаржыландырылатуғын Аўыл хожалығы тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў тармақлық орайы (Capacity BuildingCenter)ын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Төмендегилер орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
мәмлекетлик ҳәм жеке меншик секторда жумыс алып баратуғын тараў ўәкиллери, сондай-ақ, фермер хожалықлары, кластерлердиң басшыларын ҳәм қәнигелерин сырт ел тәжирийбелери тийкарында қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў;
жергиликли аўыл хожалығына қәнигелескен жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде және илимий-изертлеў институтларында илимий потенциалды арттырыўға үлес қосыў, соның ишинде, изертлеўшилер ушын заманагөй изертлеўлер алып барыў ҳәм абырайлы журналларда мақалалар басып шығарыўды қоллап-қуўатлаў;
халықаралық тенденцияларды есапқа алған ҳалда мәпдар тәреплердиң зәрүрликлерин анықлаў ушын турақлы изленислер ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў.
- Аўыл хожалығы министрлиги 2022-жылдың ақырына шекем Университетте халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын студентлер, магистрант ҳәм илимий излениўшилер және профессор-оқытыўшылардың илимий қолланбалары тийкарында стартап-жойбарларды жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў менен шуғылланатуғын мәмлекетлик мәкеме тәризиндеги «Agro Innovation Incubator» орайын дүзсин.
- Халықаралық аўыл хожалығы университетиниң Бақлаў кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын және оның ўәкилликлери етип төмендегилер белгиленсин:
Университетке студентлерди қабыллаў параметрлерин, Университеттеги билимлендириў формасын, түрин ҳәм тилин белгилеў;
Университетте жаңа бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин, сондай-ақ, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў бойынша доктарантура қәнигеликлерин ашыў;
Университет басшылары ҳәм хызметкерлерин және профессор-оқытыўшыларын жумысқа қабыл етиў тәртибин белгилеў, сондай-ақ, олардың жумысына баҳа бериў, олардың жумысының нәтийжелилигин баҳалаў индекслерин (KPI) тастыйықлаў;
сырт ел ҳәм жергиликли жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен студентлердиң академиялық мобильлигин тәмийинлеў және қоспа билимлендириў бағдарламаларын енгизиў;
Университетти раўажландырыўдың орта ҳәм узақ мүддетли стратегиялық режелерин тастыйықлаў;
Бакалавриат, магистратура ҳәм докторантураға қабыллаў шәртлерин, сондай-ақ, студентлерди оқыўға қабыллаўда тест сынақлары тапсырылатуғын пәнлер комплексин ҳәм оқыў ушын төлем муғдарын белгилеў;
Университеттиң орта мүддетке қәлиплестирилетуғын бизнес-режеси және дәраматлар ҳәм қәрежетлер параметрлерин тастыйықлаў, олардың орынланыўын додалаў;
Университеттиң ишки аудит ҳәм финанслық қадағалаў хызметине финанслық қадағалаў өткериў бойынша қосымша тапсырма бериў және қадағалаў илажларының нәтийжеси бойынша есабат алыў;
Нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.
- Университеттиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Халықаралық аўыл хожалығы университетиниң жумысын жолға қойыў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер Университеттиң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Европа Аўқамының аўыл хожалығы тараўы ушын бюджет жәрдеми бағдарламасынан 6 миллион АҚШ доллары муғдарындағы ҳәм Жәҳән банкиниң 11 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылары;
студентлерди төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;
хожалық, илимий жумыс ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
халықаралық финанс шөлкемлериниң грантлары ҳәм шөлкемлестириўшилердиң қаржылары және нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген баса да дәреклер.
- 2022-2023-оқыў жылынан баслап Халықаралық аўыл хожалығы университетинде шөлкемлестирилетуғын бакалавриат билимлендириў бағдарлары 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев):
а) бир ай мүддетте Университет уставының тастыйықланыўын ҳәм оның мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин. Онда:
сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен дүзилген келисимлер тийкарында өз-ара пайдалы байланысларды жолға қойсын;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2022-2023-оқыў жылына қабыллаў процесин шөлкемлестирсин;
Университеттиң ўақытша имаратын реконструкциялаў ҳәм үскенелеў жойбарын ислеп шықсын, орнатылған тәртипте мәмлекетлик экспертизадан өткерсин ҳәм халықаралық финанс институтларының грант қаржылары есабынан имаратта оңлаў-қурылыс жумысларын шөлкемлестирсин;
Зәрүр болған оқыў, илимий лабораториялар, оқыў әдебиятларының дизимин қәлиплестирсин ҳәм сатып алыў илажларын көрсин;
Университетти шөлкемлестириў дәўиринде оның жумысын жолға қойыў менен байланыслы шөлкемлестириўшилик, юридикалық, экономикалық, оқыў-методикалық, илимий-изертлеў, материаллық-техникалық ҳәм басқа да мәселелерди шешиўге жәрдем берсин;
б) үш ай мүддетте:
Европа Аўқамының аўыл хожалығы тараўы ушын бюджет жәрдеми бағдарламасынан 300 мың АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды тартқан ҳалда жетекши сырт ел жоқары оқыў орынлары менен Университеттиң профессор-оқытыўшыларын қысқа мүддетли қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў келисимлерине қол қойылсын;
тараў қәнигелерин, сондай-ақ, фермер хожалықлары, кластерлердиң басшыларын ҳәм қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў тәртибин тастыйықласын;
Аўыл хожалығы тараўындағы кадрларды халықаралық стандартлар бойынша қысқа мүддетли профессионал оқытыў курслары ҳаққындағы режени тастыйықласын;
в) Аўыл хожалығы тараўындағы кадрларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў тармақ орайы ҳаққындағы режени тастыйықласын ҳәм оның жумысын 2023-2024-оқыў жылынан баслап жолға қойсын;
г) 2024-2025-оқыў жылына шекем халықаралық финанс институтларының грант қаржылары есабынан жетекши жойбарлаўшы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши компанияларды тартқан ҳалда Университет жаңа оқыў кампусының қурылысын тәмийинлесин.
- Аўыл хожалығы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Жоқары аттестация комиссиясының 2023-жыл 1-январьдан баслап Университеттиң илимий потенциалын арттырыў ушын белгиленген тәртипте қәнигелестирилген илимий кеңес дүзиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Онда қәнигелескен илимий кеңес ағзаларының 50 проценти халықаралық бирге ислеўшилер ҳәм сырт елдеги ўатанласлар арасынан таңлап алынады.
- Аўыл хожалығы министрлиги Университетти Ташкент ўәлаяты, Қыбрай районы, Салар қалашасы, Университет көшеси, 2-жай мәнзилине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында орналастырсын.
Жаңа имарат қурылғанға шекем Университетке Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң спорт комплекси, студентлер турақ жайы ҳәм оқыў лабораторияларынан ўақытша пайдаланыўға рухсат етилсин.
- Сыртқы ислер министрлиги Аўыл хожалығы министрлигиниң виза талапларына муўапық Университетке мирәт етилетуғын сырт елли профессор-оқытыўшылар, қәнигелер және олардың шаңарақ ағзаларына кириў визалары консуллық жыйымлары ҳәм ҳақыйқый қәрежетлериниң орнын қаплаў есабынан жыйымлар өндирилмей рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) менен биргеликте аймақларда Университет жумысы ҳәм 2022-2023-оқыў жылы ушын қабыллаўды нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырсын.
- 16. «Эл-юрт умиди» қоры Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев) менен биргеликте Университеттиң жергиликли профессор-оқытыўшыларын, магистрантларын ҳәм судентлерин «Эл-юрт умиди» қоры есабынан сырт елдиң жетекши жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине маманлығын арттырыў, стажировка ҳәм оқыўға жибериў илажларын көрсин.
- 17. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агетлигине усы қарардың мазмун-мәнисин, аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар системасы шеңберинде аграр тараў ушын халықаралық талап ҳәм стандартларға муўапық жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.Ходжаев белгиленсин.
- Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 7-май