Елимиздиң бай аяқ ойын өнери тарийхында айрықша орын ийелеген «Ләзги» аяқ ойыны өзине тән атқарыў усылы ҳәм тартымлылығы менен тек ғана Өзбекстанда емес, ал сырт ел мәмлекетлеринде де белгили.
Президентимиздиң 2020-жыл 28-сентябрьдеги «Ләзги» халықаралық аяқ ойын фестивалын шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде 2022-жылдан баслап ҳәр еки жылда бир мәрте Хийўа қаласында «Ләзги» халықаралық аяқ ойын фестивалы және илаж шеңберинде халықаралық илимий-әмелий конференция өткериў белгиленген.
Хорезм ўәлаятында быйыл биринши мәрте өткерилип атырған бул фестивальга үлкен таярлық көрилди. Халықаралық фестивальға елимиздиң тәжирийбели режиссёрлары, композиторлар, артистлер, белгили аяқ ойыншылар, дөретиўшилер, маман қәнигелер тартылған.
Үргенш халықаралық аэропортында дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен келип атырған қатнасыўшылар салтанатлы күтип алынбақта.
– Мен Ҳиндстаннан келдим, – дейди көркем өнертаныўшы, профессор Чандр Шейкхан. – Өзбекс ҳәм ҳинд аяқ ойынлары өзиниң ескилиги, шоқ ҳәм шаққан ҳәрекетлери менен уқсас. Әсиресе, Хорезм аяқ ойынындағы жанрлар жүдә тартымлы ҳәм ҳәрекетшеңлиги менен ажыралып турады. Хорезмди болса әййемги үлке, мәденият, көркем өнер ҳәм дәстүрлер орайы деп билемен. Бул үлкеге бурын да келгенмен. Жоқары оқыў орынларындағы музыка ҳәм көркем өнер бағдарындағы билимлендириў процеси менен танысқанман. Бизди ҳәр сапары, мине, усындай ҳүрмет-иззет пенен күтип алады. Пурсаттан пайдаланып халықаралық фестиваль жумысына әўмет тилеймен.
Қатнасыўшылар «Ләзги» намасы ҳәм оған сай аяқ ойын менен күтип алынды. Бул мийманлардың әййемги үлкеге тунғыш қәдеминен үлкен тәсирлер алыўына ҳәм кейпиятын көтериўге хызмет етти, десек алжаспаймыз. Өзине тартатуғын шоқ нама қайсы миллеттен болыўына қарамастан қатнасыўшыларды ерксиз ойнатты.
– Россияның Алтай үлкесинен усы абырайлы әнжуманға келдик, – дейди Россия Федерациясында хызмет көрсеткен артист Ирина Минаева. – «Хорезм ләзгиси» жүдә әййемги аяқ ойынлардан деп еситкенмен. Бул аяқ ойынның атқарылыўын интернет арқалы көрдим. Жүдә шоқ ҳәм сулыў пластикаға ийе. Оның тарийхы менен қызығып атырман. Фестиваль шеңберинде «Ләзги» аяқ ойынын үйренемен ҳәм шырайлы Хийўа қаласын да зыяратлайман.
26-апрель күни бул халықаралық аяқ ойын фестивалы өз жумысын баслады ҳәм 30-апрель сәнесине шекем даўам етеди.
Илажлар шеңберинде «Ийшан-қала» комплекси аймағында аяқ ойын көркем өнерине байланыслы көргизбелер, миллий липаслар, өнерментшилик буйымлары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер дөретпелери, мүсиншилик үлгилеринен ибарат рәңбәрең көргизбелер шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, китаплар саўдасы, ярмаркасы да өткериледи. Фестиваль күнлери «Өзбек миллий аяқ ойынының жәҳән аяқ ойын көркем өнериндеги орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция да өткерилип, оған бир қатар сырт еллерден аяқ ойын көркем өнери шеберлери, музыка таныўшы ҳәм көркем өнертаныўшы илимпазлар, белгили артистлер, жетик қәнигелер, ҳүрметли мийманлар қатнасады.
Хийўа қаласындағы «Фаровон» мийманханасында «Ләзги» халықаралық аяқ ойын фестивалына бағышланған баспасөз әнжуманы өткерилди.
Фестивальда дүньяның 30 мәмлекетинен 175 тен аслам аяқ ойын шеберлери, профессионал аяқ ойын жәмәәтлери, көркем өнертаныўшы илимпазлар, мәденият тараўының белгили ғайраткерлери және ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери келген.
Фестиваль шеңберинде өткерилген таңлаўға 18 мәмлекеттен 160 қатнасыўшы қатнасады. Таңлаўды алты мәмлекеттен 6 тәжирийбели, профессионал төреши баҳалап барады.
Ҳәзирги ўақытта илимий-әмелий конференцияға қатнасыў ушын 11 мәмлекеттен 13 көркем өнер таныўшы илимпазлар Хийўа қаласына жетип келген.
«Ләзги» халықаралық аяқ ойын фестивалының ашылыў мәресимине бағышланған салатанат «Ийшан қала»ның ески Арк майданында болып өтти.
Оған фестиваль қатнасыўшыларынан тысқары, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң басшылары, сырт елли туристлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Тарийхый майдан бойлап ҳәр түрли мәмлекетлердиң байрақлары желбиреди.
Хорезмде биринши мәрте өткерилип атырған «Ләзги» халықаралық аяқ ойын фестивалы қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң қутлықлаўы оқып еситтирилди.
Кейин ашылыў мәресиминиң көркемлик бөлими басланды. Онда ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлардың өзине тән нама-қосықлары жаңлады. Йошлы аяқ ойынлар атқарылды. Концерт бағдарламасының соңында белгили артистлер ҳәм аяқ ойыншылар тәрепинен атқарылған «Ләзги» қосығы жыйналғанларды ойынға тартты.
Жуўмақлап айтқанда, фестивальдың ашылыў мәресими шын мәнидеги музыка ҳәм көркем өнер байрамына айланды.
Аҳмаджон ШОКИРОВ,
ӨзАның хабаршысы