Алдын хабар бергенимиздей, 15-апрель күни Ташкент қаласында «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанатлы болып өтип, онда қарақалпақстанлы талантлы жаслар – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының 4-курс студенти, жас жыраў Дәўранбек Ендирбаев ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры балет артисти Жанар Төреева «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары сыпатында статуэтка ҳәм диплом менен сыйлықланған еди.

Кеше, 17-апрель күни Нөкис темир жол вокзалында усы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды.

Илажға институт ҳәм театр жәмәәти, жаслардың устазлары, ата-аналары, жақын ағайин-туўысқанлары, дослары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күтип алыў мәресиминде лауреатлардың устазлары сөзге шығып, олардың қолға киргизген табыслары менен қутлықлады ҳәм алдағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи.

– Бул сыйлық мени еле де өз үстимде ислеп, жаңа шоққыларға, нәтийжелерге қарай бағдарлайды. Маған исеним билдирип, қоллап-қуўатлаған устазларым, ата-анам, жақынларым, сондай-ақ, институт жәмәәтине терең миннетдаршылық билдиремен. Келешекте ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған жыраўшылық көркем өнерин буннан былай да раўажландырып, дүнья жүзине алып шығыўға, келешек әўладларға мийрас болып жетип барыўына бар күш-жигеримди жумсайман, – дейди жас жыраў Дәўранбек Ендирбаев.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.