Қарақалпақстан радиосына -90 жыл
Радиоеситтириў жумысларында жаӊа өзгерислер, жаӊалықлар болып, бир қанша жақсыланып киятырғанда және бир иллетли ислер дус болды. 1947-жылы Тахтакөпир районында чума кеселлиги пайда болыпты деген мыш-мыш сөзлер соӊын ала расқа шықты.
Ол дәўирде бундай аўырыўды радиодан түўе, баспа сөз де жәриялағанлар да еӊ аўыр жазаға тартылады. Бир күни Н. Жапақовтыӊ басшылығында чума кеселлигине қарсы гүрес жүргизиў бойынша комиссия дүзилди. Москвадан академиклер, профессорлар келди ҳәм усы комиссияныӊ қурамына киргизилди. Министрлер Советине газеталардыӊ редакторлары, «Қарақалпақстан» баспасыныӊ басшылары ҳәм радиокомитеттиӊ председатели мен шақырылдым. Айрықша комиссияныӊ баслығы чума кеселлигин кимде-ким баспасөзде, радиода ямаса халықтыӊ арасында ғаўасат таратып мәмлекетлик сырды ашса, совет нызамыныӊ белгили статьялары бойынша еӊ аўыр жазаға тартыў ҳаққындағы СССР ҳәкимиятыныӊ жабық-жасырын қарарын оқып берди ҳәм оныӊ менен оқып танысқанымызға арнаўлы қол қойдырды.
Мен радио еситтириўдиӊ арнаўлы тараўлары бойынша редакторларын, дикторларды бирим-бирим шақырып алып, бул ҳаққында материаллар таярлайсыз, ҳеш бир хабарлар бермейсиз деп қол қойдырдым. Олардан кейин орынбасарыма да қол қойдырып, кимде-ким ҳүкиметттиӊ жасырын жабық қарарын жәрияласа, ямаса материаллар таярласа, таярлаған материаллар берилсе. Қатаӊ жуўапқа тартылатуғынын алдын-ала буйрық бойынша ескертип, «копиясын алдым» деп және қол қойдырдым. Чума кеселлиги менен кимлер аўырып атыр, оларды кимлер емлеп атыр, ол жөнинде ҳеш жерде ҳеш гәп шықпады, ҳеш жерде ғаўасат та тарамады ҳеш бир газетада я радиода материал берилмеди.
Бир күни сыртқа есик тырс етип ашылды. ӨзКП обкомыныӊ хызметкери Юлдаш Шәрипов кирип келди. Түр-түси суўық. Азанда жолда көргенимде апақ-шапақ болып көрисип еди. Ҳәзир түри өзгерген, есикте тикке турып:
-Сизди обкомныӊ бюросына шақырып атыр, тез жүриӊ, машина күтип тур, кийиниӊ, мен далада күте турайын,-деди де шығып кетти. Барсам ӨзКП обкомыныӊ бюро ағзалары жыйналыпты. Аўыздағы жайда Қарақалпақстан АССР Жоқары Совети Президиумы председателиниӊ орынбасары Ахмедиев, респрокурор Өтәмбетов, газета редакторлары, радиокомиеттиӊ хызметкерлери Ж.Сейтназаров, И.Пәтуллаев ҳәм бир-еки милиционерлер отыр екен.
-Сейтов келди ме?-деп обком партияныӊ партиялық шөлкемлестириў бөлими баслығы А.Леонтичев биринши секретарь отырған жайдан сыртқа шықты.
-Келдим.
-Онда Бюро мәжилисине шақырылған жолдаслар ишке кириӊлер,-деди.
ӨзКП обкомыныӊ биринши секретары гезексиз бюро мәжилисиниӊ күн тәртибинде «Мәмлекеттиӊ айрықша жабық сырын ашқан радиокомитеттиӊ баслығы Х.Сейтовтыӊ, Ж.Сейтназаровтыӊ, А.Ахмедиевтиӊ партиялық мәселелери ҳаққында екенин жәриялап, чума кеселлигине қарсы гүрескен бир топар илимпазларды Қарақалпақстан АССР Жоқарғы Совети Президиумыныӊ жасырын Указы бүгин түски еситтириўде радиодан берилгенин, сөйтип мәмлекеттиӊ жүдә жасырын сырыныӊ дүнья жүзи бойынша әшкара болғанын қысқаша айтты. Ол маған тигилип көз таслады.
-Қәне, жолдас Хожабек Сейтов, Министрлер Советиниӊ ескертиўине қарамастан не ушын радиодан берип жибердиӊиз?-деди салмақлы сөйлеп.
-Бул сораўға Жоқарғы Советтиӊ Президиумы басшылары жуўап берсе жақсы болар еди-дедим
-Неге олай дейсиз, сиз сырды ашасыз, олар жуўап берсиниӊ қалай?
Газетаныӊ редакторы Орынбек Кожуров орнынан ушып турып:
-Жолдас Хожабек Сейтовтыӊ қойған талабын қуўатлайман, биринши рет Жоқарғы Советтиӊ басшылары жуўап берсин,-деди.
Не ушын?
-Олар ондай Указды Жоқарғы Советтен урлап алып берген жоқ қой ақыры!…
-Дурыс айтады, қәне, жолдас Жуманазаров сиз не дейсиз?…
-Ол указға қол қойып кеткениме бүгин санаўлы бес күн болды. Баспасөзде, радиодан жәриялансын деген бир аўыз Указда сөз жоқ. Билмеймен радионыӊ қайдан, кимнен алып жүргенин.
-Жолдас Сейтов, сиз қайдан алдыӊыз?
-Билмеймен.
-Билмеймениӊ не? Не деп турғаныӊды билесеӊ бе өзиӊ?
Мен тутлығып тур едим, О. Кожуров қапталдан сөз қосып:
-Бул Указ кеше кешқурын бизге де барды. Мәтеке ағаныӊ қолы бар. Олар неге бизлерге жиберген, усы жағы түсиниксиз,-деди.
-Сизлер газетада бердиӊиз бе?
-Я-яқ, иркип қойыппыз.
-Хожабек Сейтов неге иркпеди, не ушын жибереди. Әӊгиме сонда болып тур.
-Мен де билмеймен, жолдас Пиржан аға. Кешеден бери аўырып, врачтыӊ уйғарыўы бойынша емленип жатыр едим.
-Олай болса, сеннен рухсатсыз ким жиберген. Орынбасарыӊа бурын ескертпеп пе едиӊиз?
-Ескерткенмен. Бирақ бул жерде ол да айыплы емес. Мениӊше, сол Указды ҳәмме жерге таратқан адамлар айыплы…
Обкомныӊ биринши секретары П. Сейтов ҳәм басқа да көплеген бюро ағзалары ойланып қалды.
-Қәне ким сөйлейди, не дейсиз, айтыӊлар?-деди биринши секретарь.
Мениӊше бул мәселе бойынша биринши аўырманлық жолдас Ахмедиевкқа түседи. Не ушын тым-тырс отырғанына ҳайранман,-деди қысқаша сөйлеп бюро ағзасы, Министрлер Совети Председателиниӊ орынбасары Оӊал Тәтибаев.
Исим оӊға айланайын деп отыр аў!-деп өзимди беккем тута басладым.
-Жолдас Ахмедиев Сиз не дейсиз?
-Мен… м… мен бе жәриялаў ушын емес танысыў ушын жибердим.
-Гәп болғаныӊа,-деди Пиржан Сейтов-шақырып қол қойдырсаӊ болмай ма ақыры!
-Буларды еӊ аўыр жазаға тартыў керек мәмлекет сырын ашқан адамлар сырт елдиӊ шпионы ретинде жазаланыўы керек. Сейтов Хожабек радиоға баслық болғалы радиодан түрли жаман нәрселер кетип атыр. Ешекти ақыртқанда да сылтаў тапты. Бүгин де аўырыўман деп бәне таўып қутылажақ. Сиз жолдас Сейтов. Сейтовты қорғап аман алып қалыўдыӊ қыйын екенин жақсы түсинесиз. Буны партиядан шығарып, жумыстан босатыў ҳәм тийисли нызам бойынша жуўапқа тартыўымыз керек, -деди НКВД ныӊ начальниги.
-Сейтовтыӊ Сейтовты қорғаўы ушын мәселе додаланып атырған жоқ, ҳақыйқатлықты, әдилликти қорғаў ушын обкомыныӊ бюросы пикир алысып атыр, жолдаслар ойлап сөйлеўиӊизди өтинемен,-деп П. Сейтов бюро ағзаларын ескертти. Респрокурор өз сөзинде Х.Сейтовқа 25 жыл қамақ жазасын бериў бойынша статьяны қолланып айыплаўға болатуғынын айтты. Мен ишимнен «енди кеттим» деп жаным қалмай зирлеп отырман.
-Аўырған, доктордан справкасы бар,-деген даўыслар еситилди.
-Справкасын тексериў керек,-деди НКВД ныӊ начальниги.
Еӊ кейининде радиокомитет председателиниӊ орынбасары Сейтназаровты тыӊлаў жөнинде усыныс болды. Ол «Мен еситтириўдиӊ программасына киргизилген материалларды бетпе-бет қарап шықтым. Ол Указ жоқ еди. Берилгеннен кейин тексерсем, жолдас Ахмедиев шоферынан берип жиберген ҳәм дежурный Симановичке телефон соғып Указды бериўди усынған. Мениӊ билетуғыным усы жолдаслар», деди.
-Жолдаслар,-деди Пиржан Сейтов орнынан турып-мәселе түсиникли. Жолдас Ахмедиев ески коммунист, болмаса партиядан шығарыўға болады. Қатты сөгис жәриялап жумыстан босатыў менен шекленсек деген усыныс бар. Бюро ағзалары не дейсиз? Ал, Х.Сейтовтыӊ справкасы бар, аўырып жатырған, «совершенно секретно» Указдыӊ берилгенинен хабары да жоқ. Оны усы додалаў менен шеклесек қалай болады?-деп биринши секретарь өз усынысын айтты. Бюро ағзаларыныӊ көпшилиги бул усынысты қуўатлады. Бирақ, еки адам қарсы болды: биреўи НКВД ныӊ начальниги, екиншиси Нөкис қалалық партия комитетиниӊ биринши секретары. Ал, Ж.Сейтназаровтыӊ, Симановичтиӊ, дикторлардыӊ не ушын Указды бериўге жол қойғанын тексериўди тийисли Нызам орынларына тапсырды. Ертеӊине НКВД дан биреў келип Жолдас Сейтназаровты, Симановичти алып кетти. Симанович көп иркилмей қайтып келди. Сейтназаров еки күнге шекем иркиўханадан қайтып келмеди. ӨзКП Обкомыныӊ Бюросына Н.Жапақов қатнаспады. Ол Чаржаў-Қоӊырат темир жол қурылысында жүр еди. Екинши күни кешке жақын келген екен. Кешки сааат 9 лардыӊ шамасында үйге телефон соғып, «не болып қалды, келип маған түсиндир» деди.
Үйине барсам Наўрыз үйинен емес, кеӊсесинен қоӊыраў еткен екен. Кеӊсесинде Өтеген Сапаровтыӊ отырғанын көрдим. Қапысын ашыўдан, оны көрип кейин шегиндим. Кабинетиниӊ алдындағы қабыллаўханада әдеўир күттим. Ө. Сапаров шығып кеткеннен кейин барып көрген-билгенимди, еситкенлеримди, Жолдас Сейтназаровты алып кетип жибермей атырғанын айттым. Ол маған жекиринип, «барлық айып сенде. «Қамысты бос тутсаӊ, қолыӊды қыяды». Мийнет тәртибин бузыў-жәмәәтти ыдыратыў. Усыған түсинбесеӊ баслық болып не қыласаӊ?»-деди де орнынан арман-берман жүрди..
Менде отырған орынлықтан турдым да «Наўрыз аға мениӊ баслық болыў-болмаўым ендигиден былай өзиме байланыслы. Ал, Жолдас Сейтназаровты районнан шақыртып алып, Сизиӊ жәрдемиӊиз бенен зордан орынбасар лаўазымына қоя қойып едик. Енди оныӊ тәғдири не болар екен?»-дедим.
-Қашан алып кетти?
-Еки күн болды.
-Сени шақырмады ма?
-Я-яқ.
-Мениӊ еситиўимше Сейтназаров емес, Жоқарғы Совет Президиумыныӊ басшылары айыплы усайды. Тийисли жерлердиӊ басшылары менен сөйлесип көремиз.
Мен «Көремизинен ҳеш нәрсе шықпайды ғой деп ойладым. Жоқ, олай емес екен, көрермизиниӊ лийкини бар екен. Ертеӊине азанда Жолдас Сейтназаров жумысқа келди.
Ықшамлап таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.