Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм халықаралық журналистиканың жетискенликлерин кеңнен ғалаба ен жайдырыў, ҒХҚ хызметкерлериниң белсенди пуқаралық позицияларын көрсетиўи ушын шараят жаратыў, дөретиўшилик жумысқа жаңаша көзқарасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм миллий журналистиканың раўажланыўына үлес қосыў  мақсетинде Жәҳән баспасөз еркинлиги күнине бағышланған «Алтын қәлем XVI» миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўды жәриялады.

Таңлаў – телевидение, радио, баспа басылымлар, интернет-журналистика ҳәм сырт елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы бойынша бес бағдарда өткериледи.

Таңлаўда (2021-жылдың 31-мартынан 2022-жылдың 1-апрелине  шекем) баспа ҳәм интернет басылымларында жәрияланған, радио ҳәм телевидениеде эфирге узатылған материаллар көрип шығылады.

Таңлаўға усынылатуғын дөретиўшилик жумыслардың саны 5 тен кем болмаўы шәрт. Материаллар таңлаў баспасөзде жәрияланған күннен баслап, усы жылдың 15-апрелине шекем қабыл етиледи. Дөретиўшилик жумыслардың электрон версиясы Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының jurnalistler.uz сайтындағы «Алтын қәлем- XVI» бетине жайластырылады.

ТИЙКАРҒЫ СЫЙЛЫҚЛАР

1 бас миллий сыйлық!

Телевидение бойынша

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2-, 3-орынлар);

Радио бойынша

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2- , 3-орынлар);

Баспа басылымлар бойынша

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2- , 3-орынлар);

Интернет басылымлар бойынша

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2- , 3-орынлар).

Сырт ел журналистиниң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын – бир 1-орын, төрт 2-орын, ТВ, радио, баспа ҳәм интернет басылымлар.

СОНДАЙ-АҚ, ХОШАМЕТЛЕЎШИ СЫЙЛЫҚЛАР

 Инсан қәдирин улығлаўға бағышланған ең жақсы материаллары ушын:

Шаңарақ ҳәм мәҳәлле темасы ең жақсы сәўлелендирилген материаллар ушын;

Өзбекстан тарийхы сәўлелендирилген ең жақсы материаллары ушын;

Ең жақсы баспасөз хызмети;

Ең жақсы фоторепортаж.

Баспа ҳәм интернет материаллары түп ямаса көширме нусқада (баспа ямаса интернет басылымында басып шығарылғаны ҳәм қағазда қысқаша мазмунының билдирилиўи) ҳәм олардың электрон версиясы усынылыўы керек.

Видео материаллар 3 минуттан 30 минутқа шекем ҳәм флеш карта (сыртқы яд қурылмасы) қолдан келгенше реңли форматта, аннотация (қағазда қысқаша мазмунының билдирилиўи) менен бирге усынылыўы керек.

Аудио материаллар болса 5 минуттан 30 минутқа шекем ҳәм аудио материаллар флеш карта (сыртқы яд қурылмасын)да, аннотация (қағазда қысқаша мазмунының билдирилиўи) менен бирге усынылыўы керек.

Материалларға төмендеги мағлыўматлар қосымша етилиўи шәрт.

Автордың исми-фамилиясы, паспорт нусқасы, жумысы ҳаққында қысқаша мағлыўмат (объективка), мәнзилли ҳәм байланыс ушын телефон номери.

Редакциялар ушын болса Бас редактордың исми-фамилиясы, редакция мәнзили ҳәм дизимнен өткени ҳаққында гүўалықтың нусқасы.

Таңлаўға усынылған материаллар қайтарылмайды.

Салтанатлы сыйлықлаў мәресими 2022-жыл 3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни салтанатлы түрде өткериледи.

Дөретиўшилик жумыслар «Алтын қәлем» таңлаўына» деп көрсетилген ҳалда төмендеги мәнзилге жиберилиўи керек: 100129, Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 30-жай, 3-қабат 5- ҳәм 8-ханалар.

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы

Мүрәжат ушын телефонлар: 71-244-64-62; 71-244-37-87, 71-244-64-61,

Телеграм номер: 99-592-05-48

Қарақалпақстан хабар агентлиги