Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм халықаралық журналистиканың жетискенликлерин кеңнен ғалаба ен жайдырыў, ҒХҚ хызметкерлериниң белсенди пуқаралық позицияларын көрсетиўи ушын шараят жаратыў, дөретиўшилик жумысқа жаңаша көзқарасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм миллий журналистиканың раўажланыўына үлес қосыў мақсетинде Жәҳән баспасөз еркинлиги күнине бағышланған «Алтын қәлем XVI» миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўды жәриялады.
Таңлаў – телевидение, радио, баспа басылымлар, интернет-журналистика ҳәм сырт елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы бойынша бес бағдарда өткериледи.
Таңлаўда (2021-жылдың 31-мартынан 2022-жылдың 1-апрелине шекем) баспа ҳәм интернет басылымларында жәрияланған, радио ҳәм телевидениеде эфирге узатылған материаллар көрип шығылады.
Таңлаўға усынылатуғын дөретиўшилик жумыслардың саны 5 тен кем болмаўы шәрт. Материаллар таңлаў баспасөзде жәрияланған күннен баслап, усы жылдың 15-апрелине шекем қабыл етиледи. Дөретиўшилик жумыслардың электрон версиясы Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының jurnalistler.uz сайтындағы «Алтын қәлем- XVI» бетине жайластырылады.
ТИЙКАРҒЫ СЫЙЛЫҚЛАР
1 бас миллий сыйлық!
Телевидение бойынша
Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2-, 3-орынлар);
Радио бойынша
Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2- , 3-орынлар);
Баспа басылымлар бойынша
Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2- , 3-орынлар);
Интернет басылымлар бойынша
Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2- , 3-орынлар).
Сырт ел журналистиниң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын – бир 1-орын, төрт 2-орын, ТВ, радио, баспа ҳәм интернет басылымлар.
СОНДАЙ-АҚ, ХОШАМЕТЛЕЎШИ СЫЙЛЫҚЛАР
Инсан қәдирин улығлаўға бағышланған ең жақсы материаллары ушын:
Шаңарақ ҳәм мәҳәлле темасы ең жақсы сәўлелендирилген материаллар ушын;
Өзбекстан тарийхы сәўлелендирилген ең жақсы материаллары ушын;
Ең жақсы баспасөз хызмети;
Ең жақсы фоторепортаж.
Баспа ҳәм интернет материаллары түп ямаса көширме нусқада (баспа ямаса интернет басылымында басып шығарылғаны ҳәм қағазда қысқаша мазмунының билдирилиўи) ҳәм олардың электрон версиясы усынылыўы керек.
Видео материаллар 3 минуттан 30 минутқа шекем ҳәм флеш карта (сыртқы яд қурылмасы) қолдан келгенше реңли форматта, аннотация (қағазда қысқаша мазмунының билдирилиўи) менен бирге усынылыўы керек.
Аудио материаллар болса 5 минуттан 30 минутқа шекем ҳәм аудио материаллар флеш карта (сыртқы яд қурылмасын)да, аннотация (қағазда қысқаша мазмунының билдирилиўи) менен бирге усынылыўы керек.
Материалларға төмендеги мағлыўматлар қосымша етилиўи шәрт.
Автордың исми-фамилиясы, паспорт нусқасы, жумысы ҳаққында қысқаша мағлыўмат (объективка), мәнзилли ҳәм байланыс ушын телефон номери.
Редакциялар ушын болса Бас редактордың исми-фамилиясы, редакция мәнзили ҳәм дизимнен өткени ҳаққында гүўалықтың нусқасы.
Таңлаўға усынылған материаллар қайтарылмайды.
Салтанатлы сыйлықлаў мәресими 2022-жыл 3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни салтанатлы түрде өткериледи.
Дөретиўшилик жумыслар «Алтын қәлем» таңлаўына» деп көрсетилген ҳалда төмендеги мәнзилге жиберилиўи керек: 100129, Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 30-жай, 3-қабат 5- ҳәм 8-ханалар.
Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы
Мүрәжат ушын телефонлар: 71-244-64-62; 71-244-37-87, 71-244-64-61,
Телеграм номер: 99-592-05-48
Қарақалпақстан хабар агентлиги