Пакистан бас министри Имран Хан Украина президенти Владимир Зеленский менен телефон арқалы сөйлесип, Украинадағы урыс тезирек тоқтатылыўына үмит билдирди. Бул ҳаққында сәршемби күни Pakistan Today газетасы Пакистан ҳүкимети басшысының баспасөз канцеляриясына сүйенип мәлим етти.
«Имран Хан сөйлесиў ўақтында Украинада әскерий операциялар даўам етип атырғаны өкинишли екенин билдирди ҳәм Пакистанның қатаң позициясы Украинадағы урыс тыныш сөйлесиўлер ҳәм дипломатия жолы менен шешилиўин қоллап-қуўатлаўдан ибарат екенин мәлим етти», – делинеди хабарда.
Пакистан ҳүкиметиниң басшысы сөйлесиў ўақтында Украинадағы жағдай бойынша Москва менен Киев сөйлесиўине жәрдем бериўге таяр екенин айтқан. Оның айтыўынша, Украинадағы урыс раўажланып атырған мәмлекетлердиң экономикасына кери тәсир етпекте, нефть ҳәм басқа да товарлардың баҳасы көтерилмекте. Соған қарамастан, Пакистан Украинаға гуманитарлық жәрдем бериўге таяр.
Исламабад март айында еки мәрте жәрдем жиберди. Сондай-ақ, Имран Хан Украина ҳүкиметиниң пакистанлы студентлер, пуқара ҳәм дипломатларын урыс болып атырған жерлерден көшириўге жәрдем бергени ушын Президент Зеленскийге миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги