Евро комиссия Европа Аўқамы мәмлекетлерине «алтын паспортлар»ды бийкарлаўды усыныс етти.
Еврокомиссия Европа Аўқамына ағза мәмлекетлерге санкциялар дизиминде Россия ҳәм Беларусь пуқараларына инвестиция ушын бурын берилген Европа паспортларын бийкарлаў мәселесин көрип шығыўды усыныс етти, деди Европа аўқамының ўәкили Брюсселдеги брифингте.
«Қәўиплерди сапластырыў ушын Европа Комиссиясы бүгин Европа Аўқамына ағза мәмлекетлерге «алтын паспортлар» схемасы бойынша қабыл етилген орыслар ҳәм беларусьлардың пуқаралығы ҳаққындағы қарарларын бийкарлаў зәрүрлиги бар-жоқлығын баҳалаўды усыныс етпекте. Украина ушын санкциялар дизими», деди ол.
Қабыл етилген усынысларда Европа Комиссиясы, сондай-ақ, ағза мәмлекетлерге инвестиция бойынша барлық пуқаралық схемаларды («алтын паспортлар») жеделлик пенен бийкарлаўды ҳәм олар менен байланыслы қәўиплерди тексериў ушын қатаң қадағалаўды тәмийинлеўди усыныс етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги