31-январь күни Нөкис темир жол вокзалында усы жылдың 27-28-январь күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың көркем гимнастика түри бойынша 2001-2008-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында өткерилген «Қысқы ертеклер» атамасындағы республикалық таңлаўдың жеңимпазларын күтип алыў мәресими өткерилди.
Оған пайтахтымыздағы Республикалық гимнастика спорт мектеби ҳәм Нөкис олимпиада резервлери спорт колледжиниң 5 гимнастикашы қызы табыслы қатнасып қайтты.
– Шәкиртлерим жақсы жетискенликлерге ерисип атыр. Әсиресе, Рамиля Парахатоваға Ташкент қаласындағы қәнигелер жоқары баҳа берип, оны сайланды команда қурамына киргизип, халықаралық жарысларға қатнастырыў тилегин билдирди, – дейди спортшылардың тренери Дилназа Жолдасбаева.
Таңлаўда Дүрдана Шерниязова (2006-ж), Рамиля Жалғасбаева (2003-ж), Айнура Парахатова (2003-ж)лар 1-орын жеңимпазлары болған болса, Қуралай Байсирикова (2003-ж) 2-орынға ылайықлы деп табылды.
Кең жәмийетшилик ўәкиллери спортшылардың ерискен жетискенлиги менен қызғын қутлықлады.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы