Елимизде өткен дәўир ишинде суд ҳәкимиятының абыройын арттырыў, оны өтмиштеги жазалаўшы уйымнан инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғайтуғын бийғәрез институтқа айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтың тиккелей басламасы менен суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў  бойынша қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ҳәм көрилген әмелий илажлар бул саладағы мәмлекетлик сиясатты сапа жағынан жаңа басқышқа көтерди, суд ҳәкимиятының пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўдағы ролин ҳәм әҳмийетин түп-тийкарынан арттырды.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында суд ҳәкимиятының шын мәнисинде еркинлигин тәмийинлеў суд системасын демократияластырыў ҳәм жетилистириў, нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў бул саладағы реформалардың ең тийкарғы бағдарлары етип белгиленди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманларына тийкарланып пуқаралық, жынайый, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық суд ис жүргизиўши саласында суд ҳәкимиятының бирден-бир жоқары уйымы – Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды шөлкемлестирилди, судлар тәрепинен жынаят ислерин қосымша тергеўге қайтарыўдай әдил судлаўдың мазмун-мәнисине пүткиллей туўра келмейтуғын әмелиятқа шек қойылды.

Судьялыққа талабанларды таңлаў ҳәм лаўазымға тайынлаў тәртиби түп-тийкарынан жетилистирилип, судьялар жәмийетиниң жаңа уйымы –  Судьялар жоқарғы кеңеси шөлкемлестирилди.

Судлар системасының әмелдеги структурасы ҳәм штат бирлиги қайта көрип шығылып, судьялардың хызмет ўазыйпаларын ақылға муўапық бөлистириў имканиятын беретуғын дәрежеде, ҳәзирги заман талапларын есапқа алған ҳалда жетилистирилди ҳәм оптималластырылды.

Бул реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы суд системасында жумыс алып барып атырған барлық басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлердиң өз хызмет ўазыйпасын садықлық пенен, әдил ҳәм жуўапкершиликли орынлаўға тығыз байланыслы.

Усы жылдың 13-июнь күни Ташкент қаласында болып өткен тарийхый ушырасыўда Ҳүрметли Елбасшымыз тәрепинен анық көрсетип өтилген суд системасындағы тийкарғы машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў және алдымызға қойылған ўазыйпаларды дурыс шешиў ушын ҳәр биримиз жумысқа болған қатнасымызды түп-тийкарынан қайта көрип шығыўымыз, жеке жуўапкершилигимизди кескин арттырыўымыз зәрүр.

Усы мүнәсибет пенен, Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўын нәтийжели тәмиийнлеўде суд-ҳуқық саласындағы реформалардың оғада үлкен әҳмийетин ҳәм актуаллығын толық түсинген ҳалда, биз –  Өзбекистан Республикасы судьялары:

Бириншиден, күнделикли жумысымызда халық пенен тиккелей жүзбе-жүз, ашық пикирлесиў түрлерин кеңейтемиз, пуқаралардың машқалаларын шешиўде жақыннан жәрдем бериў арқалы олардың бузылған ҳуқықларын тиклеймиз ҳәм ҳақыйқатты тәмийинлеймиз.

Екиншиден, жумысымызды және бир мәрте қайта сын көз-қарастан талқылап, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеймиз, әдил судлаўды әмелге асырыўдағы тосқынлықларды түп-тийкары менен сапластырамыз, судты шын мәниде «Әдиллик қорғаны»на айландырыўда бар билим-тәжирийбемизди жумсаймыз. Судқа барған ҳәр бир пуқара тек ғана әдиллик табатуғынына кепиллик беремиз.

Үшиншиден, судта ислерди судьялық ўазыйпамыз ҳәм ҳүжданымыз буйырғандай бийғәрез, қалыс ҳәм әдил ҳалда көремиз, ең тийкарғысы, қабыл етилген ҳәр бир қарарымыз нызамлы, тийкарлы, әдалатлық ҳәм адамгершилик принциплерине тийкарланған болыўы ушын барлық жуўапкершиликти өз мойнымызға аламыз.

Ҳәр бир инсанның тәғдирин шешиўде санамызда – әдиллик, тилимизде – ҳақыйқат, қәлбимизде – пәклик әҳмийетли болады.

Төртиншиден, ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған барлық реформаларды әмелге асырыўға бәршемиз терең жуўапкершилик ҳәм белсендилик пенен қатнас жасаймыз, ең тийкарғысы, елимиздиң тәғдирине жуўапкершилик сезимин күшейтемиз.

Бесиншиден, ҳәр қандай жағдайда әдил судлаўды тәмиийнлеўге ҳәм әдалатлы қарар таптырыўға ҳуқықлы, беккем сабырлы, ҳадал, жоқары мәнаўиятлы ҳәм кәсиплик пазыйлетлерге ийе судьялардың қурамын қәлиплестиремиз. Буған бәршемиз бирдей жуўапкермиз.

Алтыншыдан, судьялық – бул машақатлы, соның менен бирге, мақтанышлы кәсип ҳәм жоқары статус екенлигин терең түсинген ҳалда судьялық абыройына дақ түсирген ҳәр бир нызамсыз ҳәрекетке «айрықша жағдай» сыпатында қараймыз, әдилликке қыянет еткен хызметкерге кескин гүресемиз ҳәм қатарларымыздың пәклигин тәмийинлеймиз.

Жетиншиден, судьялардың кәсиплик таярлығын арттырыў, судлардың жумысына мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў арқалы ис жүргизиў тәртибин әпиўайыластырамыз ҳәм пуқаралардың әўере болыўының алдын алыў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажларды көремиз.

Сегизиншиден, суд әмелиятын турақлы талқылап барыў тийкарында системалы нызам бузылыўларды анықлаймыз және бул саладағы кемшиликлерди нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў жолы менен сапластырыўға қаратылған кең көлемли илажларды әмелге асырамыз.

Сын көз-қарастан талқылаў, қатаң тәртип-интизам ҳәм жеке жуўапкершилик күнделикли қағыйдамыз, жумысымыздың тийкарғы өлшеми болады.

Бизге жүкленген жуўапкерли ўазыйпаларды шын жүректен, ҳадал ҳәм ҳүждан менен орынлаўға, әдил судлаўды тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырыўға, халқымыз ҳәм Президентимиз алдында берген антымызға ҳәмийше садық қалыўға ўәде беремиз!

 

Өзбекистан Республикасы судьялары

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 6-июль