Халықтың абаданлығын тәмийинлеў, келешегимиз болған жаслардың ҳәм халықтың жумыссыз қатламын мәмлекет тәрепинен кәсип-өнерге оқытыў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, жәрдемге мүтәж халықты мәнзилли қоллап-қуўатлаў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Төрткүл районында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
-Мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерине жаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде районның экономикалық көрсеткишлериниң жоқарылаўына ерисилмекте,-дейди район ҳәкими Рустам Шамуратов.-Бүгинги күнде районда 4 мыңнан аслам исбилерменлик субъекти болса, өткен жылдың өзинде 743 субъект дизимнен өткен.
Президентимиздиң 2021-жыл 3-декабрьдеги «Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында өткерилген таңлаў нәтийжеси бойынша районда 37 пуқаралар жыйынына экономикалық билимге ийе және көп жыллық тәжирийбесин есапқа алған ҳалда 35 жоқары ҳәм 2 орта мағлыўматлы инициатор талабан таңлап алынды.
Халықты исбилерменликке бағдарлаў, олардың өз бизнесин әмелге асырыўы ушын талап етилетуғын кредит қаржыларын ажыратыўда бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Өткен жылы коммерциялық банклер тәрепинен 1 мың 233 физикалық ҳәм юридикалық тәрепке жәми 38 миллиард сум муғдарында жеңилликли кредит ажыратылды.
Районда 177 километр узынлықтағы хожалықлар аралық каналларда Жәҳән банкиниң қатнасында «Қубла Қарақалпақстандағы суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў» жойбары әмелге асырылыўы нәтийжесинде 24 мың гектардан аслам егислик жердиң суў тәмийнаты жақсыланды. Ирригация ҳәм мелиорация тараўында алып барылған жумыслар шеңберинде аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған 340 гектар жер майданы айланысқа киргизилди. 720 гектар жерге тамшылатып суўғарыў ҳәм 26 гектар жерге жаўынлатып суўғарыў үскенелери орнатылды. Бундай үскенелерден пайдаланыў усы майданларда суўдың сарпланыўын 60 процентке қысқартыў имканиятын берди.
-Районда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың турмыс шараятын жақсылаў бойынша өткен жылы әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтсеңиз?
-Районда социал-экономиклық, соның ишинде, өндирислик ҳәм инвестициялық потенциалдан нәтийжели пайдаланыў, экономика тармақларының турақлы раўажландырыў, усы тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде өткен жылы улыўма баҳасы 86 миллиард 518 миллион сум болған 27 аймақлық инвестиция жойбары әмелге асырылыўы нәтийжесинде 500 ден зыят жаңа жумыс орны жаратылды.
Барлық әмелге асырылған ислеримиздиң бас идеясы «Инсан мәплери ушын» принципине тийкарланған. Президентимиздиң әдил сиясаты ҳәм реформасы нәтийжесинде жаратып берилген жаңа механизм тийкарында жолға қойылған «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген жәрдемге мүтәж халыққа 5 миллиард сумнан аслам жәрдем көрсетилди.
-Халықты тәбийғый газ, ишимлик суўы менен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм олардың турмыс шараятын жақсылаў бойынша өткен жылы әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтсеңиз?
–Халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша 11 миллиард 847 миллион сумлық жумыслар әмелге асырылды. «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында «Отаюрт» аўыл пуқаралар жыйынында 6,9 километр ишимлик суўы тармағы жаңадан, «Кўкча» аўыл пуқаралар жыйынында 7,3 километр ишимлик суў тармағы ҳәм суўды душшыландырыўшы «ЭКОС» қурылды. Соның нәтийжесинде 7 мың 898 шаңарақ ишимлик суўы менен тәмийинленди. Ишимлик суўы менен тәмийинленбеген 1 мың 438 шаңараққа арнаўлы техникалар жәрдеминде жеткерип берилмекте.
Халықты тәбийғый газ бенен тәмийинлеў мақсетинде 1,5 километр жоқары басымлы газ тармағы қайта оңланды. «Шадлық» мәкан пуқаралар жыйынындағы көп қабатлы үйлер ушын жаңа газ бөлистириў қурылмасы орнатылды.
«Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында «Отаюрт» аўыл пуқаралар жыйынында 2 километр орта басымлы газ тармағы ҳәм 3 газ бөлистириў қурылмасы оңланды. «Кўкча» аўыл пуқаралар жыйынында 51 шаңарақ суйылтырылған газ бенен тәмийинленди. Усының нәтийжесинде 364 шаңарақ жаңадан тәбийғый газ тармағына жалғанды. Тәбийғый газ бенен тәмийинлениў 56 процентти қураса, 44 процент халық суйылттырылған газ бенен тәмийинленбекте.
Сондай-ақ, өткен жылы улыўма баҳасы 13 миллиард 975 миллион сумлық 44,7 километр узынлықтағы жолларда оңлаў ҳәм тиклеў жумыслары алып барылды.
-Быйылғы жылы районда әмелге асырылыўы режелестирилген жумысларға тоқтап өтсеңиз?
–2022-жылда денсаўлықты сақлаў бағдарында барлық дәреклер есабынан 32 миллиард 500 миллион сум жумсалып, өткен жылға салыстырғанда 2,5 есе көп қурылыс, реконструкция ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылады. Атап айтқанда, туўыў компекси толық оңланып, заманагөй әнжамлар менен үскенеленеди. Районлық медицина бирлеспеси бас имаратында да усындай оңлаў жумыслары даўам еттириледи. Қабыллаў ҳәм тез жәрдем бөлимлерине қосымша имаратлар қурыў ушын 8 миллиард сум қаржы ажыратылыўы есабынан халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасы жақсыланады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-июльдағы «Халыққа көрсетилип атырған медициналық жәрдемди буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық районлық медицина бирлеспеси қурамында қыстаўлы медициналық жәрдем бөлими негизинде өткен жылы Төрткүл, Беруний, Елликқала районлары халқына медициналық жәрдем көрсетиўши районлар аралық қоспа жарақатланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайы пайдаланыўға тапсырылды. Орай заманагөй медициналық әсбап-үскенелер, жумсақ ҳәм қатты мебельлер менен тәмийинленди.
Көп тармақлы орайлық поликлиника, районлар аралық тери, венерик ҳәм жуқпалы кеселликлер бөлимлери имаратларын реконструкциялаў ушын жәми 12 миллиард сум, 39-санлы шаңарақлық поликлиника ҳәм Келтеминар шаңарақлық шыпакерлик пункти имаратын оңлаў ушын 1,5 миллиард сум ажыратылды.
Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында өткен жылға салыстырғанда 1,6 есе көп қаржы жумсалыўы нәзерде тутылмақта. Усының нәтийжесинде 9 мыңнан аслам халық таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди ҳәм 5 мыңға жақын халықтың ишимлик суўы менен тәмийинлениўи жақсыланады.
«Шадлық» мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырылып атырған көп қабатлы үйлерди тәбийғый газ бенен тәмийинлеў мақсетинде 2 газ бөлистириў қурылмасы орнатылады, 546 турақ жайды газлестириў ислери әмелге асырылады. Соның нәтийжесинде халықтың тәбийғый газ бенен тәмийинлениў дәрежеси 60 процентке жеткерилип, 40 процент халық суйылттырылған газ бенен толық тәмийинленеди. Сондай-ақ, быйылғы жылы 31 трансформатор ҳәм 79,8 километр ҳаўа линиясы тазадан қурылады. Бул жумыслар алдыңғы жылға салыстырғанда 1,5 есеге артады. Нәтийжеде 2 мыңнан аслам турақ жайда электр энергиясы тәмийнаты жақсыланады.
Халықтың турақ жайға болған талабын есапқа алып, бес қабатлы 10 турақ жай қурылады. Улыўма баҳасы 342 миллиард 500 миллион сумлық 32 инвестиция жойбарын әмелге асырыў ҳәм 1,5 мыңнан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў белгилеп алынды. Мақсетли бағдарлама тийкарында 2 мың 14 жаңа жумыс орны жаратылады. Сондай-ақ, мәўсимли мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға 1 мың 856 адам, турақлы жумысларға 3 мың 460 адам қабыл етилип, субсидия қаржысын ажыратыў есабынан 300 ден аслам пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди.
2022-жылға мөлшерленген бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районның экономикалық көрсеткишлери санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 22 процентке, қурылыс жумысларының көлеми 17 процентке, хызметлер көлеми 21 процентке, аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми 10 процентке арттырылады.
Президентимиздиң халықтың абаданлығы жолында әмелге асырып атырған жумыслары және халықаралық шөлкемлер менен жолға қойылған бирге ислесиўи нәтийжесинде быйылғы жылдан баслап районда 5 жылға мөлшерленген кең көлемли реформа әмелге асырылады.
Президентимиздиң 2021-жыл 18-сентябрьдеги «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў банки қатнасында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына районымыздың киргизилиўи Журтбасшымыздың айрықша итибарының айқын көриниси болды. Быйылғы жылдан баслап райондағы 2 аймақ «Кўна Тўрткўл» ҳәм «Отаюрт» аўыл пуқаралар жыйынларында жумыслар басланады. Бунда 2 аймақта ҳәм оларға жақын жайласқан 3 мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы 60 мыңнан аслам халықтың турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде 5 жыл даўамында 25 миллион АҚШ долларынан аслам, миллий валютамыз эквивалентинде 270 миллиард сумнан аслам қаржы жумсалады. Бул қаржылар тийкарынан аўыллық елатлы пунктлердиң архитехтуралық көринисин түп-тийкарынан жаңалаў, аймақларды комплексли раўажландырыў, жол-транспорт инфраструктурасы, инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин қурыў арқалы халықтың жасаў мәдениятын арттырыўға қаратылған.
Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы