Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген жас илимпазларды сырт ел илимий орайлары ҳәм университетлеринде қысқа мүддетли илимий стажировкаларға жибериў таңлаўында жеңимпаз болған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети журналистика кафедрасының оқытыўшысы Яқыпбек Генжемуратов Дүньяның Топ-1000 университетиниң қатарына киретуғын Полшаның Adam Mickiewicz университетиниң журналистика кафедрасында 2 ай даўамында әмелий педагогикалық тәжирийбе алмасыўда болып қайтты.
Стажировка даўамында журналистика тараўында ислеп атырған қәнигелерден халықаралық стандартлар тийкарында оқытыў усылларын үйренип, журналистика бағдарына байланыслы факультетлерде лекция ҳәм әмелий сабақлар өткерди. Сабақлар даўамында заманагөй ғалаба хабар қуралларының раўажланыўы, медияда әдеп- икрамлылық нормаларына әмел етиў, санлы журналистикадағы жаңа тенденциялар ҳәм контент жаратыўда креативлик қатнас темаларына айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, стажировка шеңберинде университеттиң Тюркология факультетинде Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына бағышланған шайыр дөретиўшилиги бойынша баянат оқыды.
Бул процесс өз гезегинде билимлендириў процесине алдынғы тәжирийбелерди енгизиў ҳәм университетлер аралық байланысты беккемлеў имканиятын береди. Adam Mickiewicz университетинде өткерилген бул стажировка тек ғана журналистика тараўында оқытыўшылардың маманлығын арттырып қоймастан, студентлердиң де келешектеги кәсиплик жумысына заманагөй көнликпелерди жеткериўде беккем тийкар жаратты. Соның менен бирге, бул тәжирийбе илимий-изертлеў жумыслары ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша жаңа идеяларды турмысқа енгизиўде әҳмийетли рол атқарады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги