Өзбекстан халық шайыры Зульфия – Зульфия Исраилова 1915-жыл 1-март күни туўылған.
Ол 1934-жыл Ҳаял-қызлар педагогика билим журтын тамамлап, Өзбекстан Илимлер комитети жанындағы Тил ҳәм әдебият институтының аспиратурасына оқыўға кирген.
Шайыр кейин ала Жаслар ҳәм жас өспиримлер әдебияты баспасында редактор, Өзбекстан мәмлекетлик баспасында бөлим баслығы, «Өзбекстан ҳаял-қызлары» (ҳәзирги ўақытта «Саодат») журналында бөлим баслығы (1950 – 53), бас редактор (1954 – 1985) болып жумыс ислеген.
Оның дәслепки қосығы 1931-жыл «Ишчи» газетасында басылған. Дәслеп 1932-жыл «Өмир бетлери» қосықлар топламы басып шығарылған. Буннан кейин оның «Темирай» (1934), «Қосықлар», «Қызлар қосығы» (1939) поэзиялық китаплары жәрияланған. Зульфияның поэзиялық дөретиўшилик шыңы «Они Фархад дер еди» (1943), «Ҳижран күнлеринде» (1944) ҳәм «Ҳулкар» (1947) топламларына байланыслы.
Өмирлик жолдасы Ҳамид Әлимжанның ерте қайтыс болғанынан кейин (1944) жазылған, руўхый түскинликлер ҳәм кеўил кеширмелери менен толы қосықлар Зульфия дөретиўшилигинде айрықша өзгерислер жүз бергенинен дәрек береди. Ол жеке қыйыншылықларының тәсирлери арқалы Екинши жер жүзилик урыстан үлкен жоғалтыўлар менен шыққан халықтың қайғы ҳәм ҳәсиретлерин сүўретледи.
Зульфия өмириниң әҳмийетли бир бөлегин Ҳамид Әлимжанның әдебий мийрасын үйрениў ҳәм басып шығарыў жумысына бағышлады. Мине, усы процесстиң ажыралмас бөлеги сыпатында ол шайырдың «Суймурық ямаса Перийзат ҳәм Бинят» дәстаны тийкарында қуўыршақ театры ушын «Суймурық» пьесасы ҳәм «Зийнеп ҳәм Аман» операсының либреттосын жазды.
Зульфия 1996-жыл 1-августта қайтыс болды.
Белгили шайырдың мәдениятымыз раўажланыўындағы үлкен хызметлери итибарға алынып, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестирилди. Ташкенттеги көшелердиң бирине оның исми берилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги